Account
Baxıtlı SARÍBAEV

Baxıtlı SARÍBAEV

Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

Username
@baxitlisaribaev
Category
Art
Country
UzbekistanUzbekistan
Subscribers1,091
Avg views per post, 7d166last 7 days
ERR15.17%last 7 days

Average views per post by day

By publication day

Show as table
DateAvg views per post
Nov 26, 2026239
Nov 27, 2026206
Nov 28, 202690

Most viewed this month

  1. 01

    No text

    Photo
    Views312
    Forwards—
    Reactions10
    Comments—
  2. 02

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Ҳаял жатарда оқыйтуғын дуўаларын гүбирленип оқып атты: "Жатқызғайсаң, я алла, турғызғайсаң, я алла, турар-турмас күн болса, иллә-илләллааа". Ҳеес, алла жаным, сирә екинши нека қыйылып, екинши төсекте жатыў ойымда бармеди, уҳҳҳ!... - Бенденики әрман менен, шырағым, мен де басқа менен жастыққа бас қойып көрген бенде емес едим, тартыныңқырап атырман ғой... - Несине тартынасаң, қудай басқа салды, мен көндим! - дерин десе де Нәзигүл түрпидей қырық жарық алақан жағасынан суғылып ақ сийнесин аймалағанда тап зина қылажақтай бир шоршынып алды, ойлап қараса: "неси айып, өзимниң некалы ғаррым!..." Бир қырынына аўдарылып, Нурлепестиң тасбақаның мойынындай қыртысланған мойынына бызымықтай толық ақ билегин салып, өзине қуштарлана тартты. Соң бул Нурлепес пе, Насыр ма, оны парықлаўды умытты, ғарры сүйисиўди билмейди екен, тек: "шырағым, көйлегиңди шеше қойсоңо", деп жалына береди даўысы дирилдеп. Нурлепес өзинде бағанағы ҳәўестиң қайтадан ҳәўижге мингенин абайлады, көп жыллардан бери бундай ҳәўеслик, бундай қумарлық болып көрмеген, бундай ғурышқа минип көрмеген ғаррыға тап усы ақшамға шекемги өмири пуштай, өмир еместей... - Бай-баай, - сабылып қалған ҳаял таңда қулағына ентигип сыбырлады. - Қартайғанда дус болғаныңа шүкир, жасыңда өлтирер едиң адамды, жүдә ҳәм бийқанаҳат екенсең, уҳ-аҳҳ... 20 - Бай-бааай, - Дәнияр таңланып тақыўаланды. - Ҳүкиўметтиң бети бир қарамасын, қараса таў бар ма, теңиз бар ма, көрдим демейди! Таўларыңды талқан етип жибереди! Жумыртаў, Қаратаў дегенлериңди билемисең, күннен күнге киширейип баратыр-ә! Билемен-ғо, мен ПМК ада көп ислегенмен, ақыры! "Таў түўесиледи екен-аў! Вагон-вагоны менен тартып тур-ә мрамор дегенлериңди! Хожелиден дизилген вагонның Ташкентке шекем себи үзилмейди десем лап емес! Бәринде кетип баратырған Қаратаўдың мраморы, қайрақ тасы, Жумыртаўдың кәни!... - Ояқларда жоқпекен, бала! - Жәлимбет таңланып сорады. - Соншелли жерден тасып не ҳәлек, мен сениң гәпиңе гиябенттиң гәпи деп қарайман, Дәнияр! - Кимниң гәпи десең соның гәпи де. Ешекке "ешек" дегени менен кеўилине келмейди, бәри бир, себеби ол ешеклигин жасырып жүрген жоқ, мен де "гиябент емеспен" демеймен ғой. Мен бирақ, көргенимди айтып отырман, исен-исенбе өз жумысың, мениң гәпим туўры ма, Нуреке! - Нурлепеске ийегин екшетип, жеңимпазларша гәпин даўам етти: - Шынында да Қаратаўдың қара мраморындай мрамор әлемде шенде-шен, сен Ташкентти айтасаң-аў, ҳәтте Москваның метросына кетип атыр деп еситтим мен!... - Соған пул бере ме екен!! Дәнияр еки бармағының арасына бас бармағын тығып көрсетти. (Даўамы бар) Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev 27. 11

    Text
    Views274
    Forwards—
    Reactions8
    Comments—
  3. 03

    🇺🇿KEWIL BILDIRIW «QARAQALPAQFILM» mámleketlik mákemesiniń jámááti belgili kino rejissyorı, kóp jıllar dawamında milliy kino óneriniń rawajlanıwına óziniń salmaqlı úlesin qosqan, «Qaraqalpaqkino» agentliginiń direktorı lawazımında kóp jıllar miynet etken Bektilew Usnatdinovich Nizamatdinovtıń qaytıs bolıwına baylanıslı shańaraq ağzalarına, tuwısqanlarına hám jaqınlarına tereń qayǵı menen kewil aytadı. Bektilew Nizamatdinovich 1967-jıl 18-fevral kúni Kegeyli rayonında miynetkesh shańaraqta dúnyağa kelgen. 1990-jılı N.Ostrovskiy atındaǵı Tashkent teatr hám súwretshilik institutınıń «Drama teatrı hám kino aktyorlıǵı» bólimin, 1994-jılı M.Uyğur atındaǵı Tashkent mámleketlik kórkem óner institutınıń «Televidenie rejissyorlıǵı» bólimin tamamlaǵan. Óziniń pútkil sanalı ómirin mádeniyat hám kino ónerine baǵıshlaǵan Bektilew Nizamatdinov “Qaraqalpaqfilm” mámleketlik mákemesi tárepinen islep shığarılğan 5 kórkem filmniń rejissyorı, 20dan aslam hújjetli filmniń dóretiwshilik rejissyorı sıpatında milliy kinematografiyamızdıń rawajlanıwına úlken úles qostı. Onıń «Qaytıw», «Urı», «Kurort», «Qońsılar», «Ómirdiń úsh pasılı» sıyaqlı kórkem filmleri dóretiwshilik miynetiniń miyrası bolıp qaladı. 🌙Bektilew Nizamatdinovtıń jarqın júzi, adamgershiligi, kásibine bolǵan sadıqlıǵı hám kino tarawında qaldırǵan miyrası xalqımızdıń yadında máńgi saqlanadı. 📱Instagram 📱Facebook 📱Sayt 📱YouTube 📱Telegram

    Photo
    Views228
    Forwards—
    Reactions9
    Comments—
  4. 04
    Views210
    Forwards—
    Reactions7
    Comments—

Latest posts

#8233Text
Views74−55%vs avg
Forwards—
Reactions5
Comments—
Views growthHide views growth

Views growth

Hours after publication

Show as table
Hours after publicationViews
0 h0
3 h70
8 h74
  1. After 6 hours74
  2. Total to date74
#8232Video
Views110−34%vs avg
Forwards—
Reactions6
Comments—
Views growthHide views growth

Views growth

Hours after publication

Show as table
Hours after publicationViews
0 h0
1 h45
4 h69
8 h110
  1. After 1 hour45
  2. After 6 hours69
  3. Total to date110
#8229Text

Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман - Қызықсаң-әй, Назарымбет, усы ўақытқа шекемги жасты қайда жасап жүрсең! Бизиң ҳүкиўмет сол өзинен жоқары ҳүкиметлерден пул сорай ала ма! "Бер" дейди, береди. Бермесе жоқарыдан беретуғын басшы жибереди. Ҳәммеге өз күни керек, жүрейин бе со Қаратаў, Жумыртаў ушын ҳәмелден айырылып. "Бизге Түйе мойынды бер" дей ме, береди, бермесе, беретуғын басшы жибереди, "бизиң балаға қызыңды бер" дейме жоқарыдағылар, береди, бермесе, қызын беретуғын басшыны қояды! Не де болса Ҳәмиўдиң аяғын съездиң қарарына киргизди!.. - Не деп! - "Үлкен салыгершилик базасы болсын!" деп-дә! Не деген тоғай бар еди, мынаў турған Самамбай бир жылда зым-зыя болды ма, болды. Атамзаманнан киятырған Шортанбай, Алтын тоғай, ба-аай, тоғай болғанда қандай еди, "Алтын" дегенинше бар, тораңғыллары оқтай-аў, оқтай! Қыршыйсаң да жайға сала бересең! Енди соерлерди барып көр, не бар екен! - Сен көрдиң бе? - Көрдиң бе дейсең-аў! - Шулғынды Дәнияр. - Мениң ПМКам тып-тыйпыл етип берген. Орыны үлкен бир телегей теңиз болды! Усыншелли жумыслар партияның басшылығысыз, съездиң қарарысыз ислене ме! Әлбетте, исленбейди! Бизлерди ҳәтте газетке де мақтап жазды... - "Не деп!" дей береди екенсең, лық-лық тутқандай, Назарымбет! Айтып берейин бе, сол мақаланы ядтан билемен... - Айт, айт!! - "Қайда қарасаң да жәп-жақ телегей теңиз! Шоқ-шоқ тораңғыллы аўыллар түўе район орайлары киши-киши атаўларға меңзейди. Жоқ, сиз халқы ашлықтан тирсеги қатысып жүрген Япония атаўларында турған жоқсыз. Бул - партиямыз бенен ҳүкиметимиздиң дурыс басшылығынан, басшыларымыздың аталық ғаморшылығынан гүлленген Қарақалпақстан..." - Ҳаў, сен ҳаққында сөз жоқ-ғо! - Киятырман-ғо, қойып турса! Газеттегилер ҳәм ақмақ емес, алдында айтажақ сөзлери жығып кетпеслиги ушын усындай гәплерден ыраш шаўып алады!.... - Сениң-ақ билмейтуғының жоқ! - Газетти күнде оқый берсең, газетте күнде мақтала берсең өзиң де абайлайсаң! - Не деп мақтапты сонда! - "...Бул - гүлленген Қарақалпақстанның бахтына партиямыз бенен ҳүкиметимиз ашып берип атырған салы атызлары! - депти. - Үш адам қол усласып қушақлағанда қушақлары жеткисиз не бир байтереклердиң жүз жыллық тамырларын гүтирлетип үзип, бул тыңды ашқан Дәнияр Әжептәўировтың ПМКасындағы қаҳарман механизаторлар. Олар тәбият пенен қаҳарманларша айқасып, бул айқаста ақыры жеңимпаз шықты да қайсар тәбият инсан қүдиретине бас ийип ғана қойған жоқ, қаза тапты! Трест начальниги менен сөйлескенимизде: "биз Аралдың астынан да тың ашамыз, ол жерде келешекте ҳәзиргидей телегей теңиз теңселмейди, жап-жасыл салы атызлары теңселеди. Қарақалпақ шайырлары "Салы атызлары" деген қосықлар жазады!..." дейди. Биз буған сөзсиз исенемиз. Дәнияр Әжептәўировтай тәбиятты қул етиўши қаҳарманлардың бул ис қолынан келеди..." депти газетте!... - Сен усыны ядлағанша бес ўақ намазыңды ядласаңо! - деп күйдирди Дәниярды Жәлимбет бақыраўық. - Бир басың искен адам екенсең! - Басым иске жо-ғаў, мениң басым өзиме айтылған жақсы гәплерди жаздырмай "пленкасына" жазып қала береди. Бул енди, көп жыл бурын айтылған сөз ғой, оннан бери бизлер жумыстан түсип үлгердик, пияншик болып үлгердик, енди, мине, көкнаршы болып та үлгердик... (Даўамы бар) Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev 28. 11

Open in Telegram
Views64−61%vs avg
Forwards—
Reactions6
Comments—
#8228Video
Views1650%vs avg
Forwards—
Reactions8
Comments—
Views growthHide views growth

Views growth

Hours after publication

Show as table
Hours after publicationViews
0 h0
12 h107
27 h165
  1. After 24 hours165
  2. Total to date165
#8221Photo
Views210+27%vs avg
Forwards—
Reactions7
Comments—
#8219Text

Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Ҳаял жатарда оқыйтуғын дуўаларын гүбирленип оқып атты: "Жатқызғайсаң, я алла, турғызғайсаң, я алла, турар-турмас күн болса, иллә-илләллааа". Ҳеес, алла жаным, сирә екинши нека қыйылып, екинши төсекте жатыў ойымда бармеди, уҳҳҳ!... - Бенденики әрман менен, шырағым, мен де басқа менен жастыққа бас қойып көрген бенде емес едим, тартыныңқырап атырман ғой... - Несине тартынасаң, қудай басқа салды, мен көндим! - дерин десе де Нәзигүл түрпидей қырық жарық алақан жағасынан суғылып ақ сийнесин аймалағанда тап зина қылажақтай бир шоршынып алды, ойлап қараса: "неси айып, өзимниң некалы ғаррым!..." Бир қырынына аўдарылып, Нурлепестиң тасбақаның мойынындай қыртысланған мойынына бызымықтай толық ақ билегин салып, өзине қуштарлана тартты. Соң бул Нурлепес пе, Насыр ма, оны парықлаўды умытты, ғарры сүйисиўди билмейди екен, тек: "шырағым, көйлегиңди шеше қойсоңо", деп жалына береди даўысы дирилдеп. Нурлепес өзинде бағанағы ҳәўестиң қайтадан ҳәўижге мингенин абайлады, көп жыллардан бери бундай ҳәўеслик, бундай қумарлық болып көрмеген, бундай ғурышқа минип көрмеген ғаррыға тап усы ақшамға шекемги өмири пуштай, өмир еместей... - Бай-баай, - сабылып қалған ҳаял таңда қулағына ентигип сыбырлады. - Қартайғанда дус болғаныңа шүкир, жасыңда өлтирер едиң адамды, жүдә ҳәм бийқанаҳат екенсең, уҳ-аҳҳ... 20 - Бай-бааай, - Дәнияр таңланып тақыўаланды. - Ҳүкиўметтиң бети бир қарамасын, қараса таў бар ма, теңиз бар ма, көрдим демейди! Таўларыңды талқан етип жибереди! Жумыртаў, Қаратаў дегенлериңди билемисең, күннен күнге киширейип баратыр-ә! Билемен-ғо, мен ПМК ада көп ислегенмен, ақыры! "Таў түўесиледи екен-аў! Вагон-вагоны менен тартып тур-ә мрамор дегенлериңди! Хожелиден дизилген вагонның Ташкентке шекем себи үзилмейди десем лап емес! Бәринде кетип баратырған Қаратаўдың мраморы, қайрақ тасы, Жумыртаўдың кәни!... - Ояқларда жоқпекен, бала! - Жәлимбет таңланып сорады. - Соншелли жерден тасып не ҳәлек, мен сениң гәпиңе гиябенттиң гәпи деп қарайман, Дәнияр! - Кимниң гәпи десең соның гәпи де. Ешекке "ешек" дегени менен кеўилине келмейди, бәри бир, себеби ол ешеклигин жасырып жүрген жоқ, мен де "гиябент емеспен" демеймен ғой. Мен бирақ, көргенимди айтып отырман, исен-исенбе өз жумысың, мениң гәпим туўры ма, Нуреке! - Нурлепеске ийегин екшетип, жеңимпазларша гәпин даўам етти: - Шынында да Қаратаўдың қара мраморындай мрамор әлемде шенде-шен, сен Ташкентти айтасаң-аў, ҳәтте Москваның метросына кетип атыр деп еситтим мен!... - Соған пул бере ме екен!! Дәнияр еки бармағының арасына бас бармағын тығып көрсетти. (Даўамы бар) Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev 27. 11

Open in Telegram
Views274+66%vs avg
Forwards—
Reactions8
Comments—
#8213Photo

Til-millettiń ruwxı, máńgilik miyrası.   ⚡️Qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyligi berilgenine 37 jıl tolıwı múnásibeti menen 1-sanlı mektepte “Shayırlıqti tańlaǵan talant” atlı ádebiy ushırasıw keshesi bolıp ótti. Bayramǵa jas shayır B. Sarıbaev, nuranıy dóretiwshi ustaz G. Orazımbetova hám bir qatar belsendiler qatnastı. Ushırasıw dawamında ana tilimizdiń bay tariyxı, onıń kórkemligi hám búgingi kúndegi áhmiyeti haqqında oqıwshılarǵa keń túrde sóz etip berdi. Shayır B. Sarıbaev óziniń júrek túbinen shıqqan jańa qosıqların oqıp berip, keshege ózgeshe ilham baǵıshladı. Sózge shıqqanlar xalqımızdıń bay etnografiyası, úrp-ádetleri hám milliy miyrasımızdı keńnen úgit-násiyatlaw barısındaǵı tájiriybeleri menen bólisip, jaslardı tariyxımızdı tereń úyreniwge shaqırdı. Bayram mekteptiń talantlı oqıwshılardıń tayarlaǵan koncert baǵdarlaması menen dawam etti. ✍️✍️ Til - millatning ruhi, mangu merosi ⚡️Qoraqalpoq tiliga davlat tili maqomi berilganining 37 yilligi munosabati bilan 1-sonli maktabda "Şoirlikni tanlagan iste’dod" nomli adabiy uçraşuv keçasi bölib ötdi. Bayramda yoş şoir B. Sariboyev, nuroniy ijodkor ustoz G. Orazimbetova va bir qator faollar iştirok etdi. Uçraşuv davomida ona tilimizning boy tarixi, uning gözalligi va bugungi kundagi ahamiyati haqida öquvçilarga keng tarzda sözlab berdi. Şoir B.Sariboyev özining yurakdan çiqqan yangi şe’rlarini öqib berib, keçaga özgaça ilhom bağişladi. Sözga çiqqanlar xalqimizning boy etnografiyasi, urf-odatlari va milliy merosimizni keng tarğib qiliş borasidagi tajribalari bilan örtoqlaşib, yoşlarni tariximizni çuqur örganişga çaqirdi. Bayram maktabning iqtidorli öquvçilari tomonidan tayyorlangan konsert dasturi bilan davom etdi. Qaraózek rayonı hákimligi málimleme xızmeti 🌐Web-sayt | 🌐Telegram |🌐 Facebook | 🌐Instagram | ▶️Youtub

Open in Telegram
Views176+6%vs avg
Forwards—
Reactions8
Comments—

All posts

Connections