Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Ҳаял жатарда оқыйтуғын дуўаларын гүбирленип оқып атты: "Жатқызғайсаң, я алла, турғызғайсаң, я алла, турар-турмас күн болса, иллә-илләллааа". Ҳеес, алла жаным, сирә екинши нека қыйылып, екинши төсекте жатыў ойымда бармеди, уҳҳҳ!...
- Бенденики әрман менен, шырағым, мен де басқа менен жастыққа бас қойып көрген бенде емес едим, тартыныңқырап атырман ғой...
- Несине тартынасаң, қудай басқа салды, мен көндим! - дерин десе де Нәзигүл түрпидей қырық жарық алақан жағасынан суғылып ақ сийнесин аймалағанда тап зина қылажақтай бир шоршынып алды, ойлап қараса: "неси айып, өзимниң некалы ғаррым!..." Бир қырынына аўдарылып, Нурлепестиң тасбақаның мойынындай қыртысланған мойынына бызымықтай толық ақ билегин салып, өзине қуштарлана тартты. Соң бул Нурлепес пе, Насыр ма, оны парықлаўды умытты, ғарры сүйисиўди билмейди екен, тек: "шырағым, көйлегиңди шеше қойсоңо", деп жалына береди даўысы дирилдеп. Нурлепес өзинде бағанағы ҳәўестиң қайтадан ҳәўижге мингенин абайлады, көп жыллардан бери бундай ҳәўеслик, бундай қумарлық болып көрмеген, бундай ғурышқа минип көрмеген ғаррыға тап усы ақшамға шекемги өмири пуштай, өмир еместей...
- Бай-баай, - сабылып қалған ҳаял таңда қулағына ентигип сыбырлады. - Қартайғанда дус болғаныңа шүкир, жасыңда өлтирер едиң адамды, жүдә ҳәм бийқанаҳат екенсең, уҳ-аҳҳ...
20
- Бай-бааай, - Дәнияр таңланып тақыўаланды. - Ҳүкиўметтиң бети бир қарамасын, қараса таў бар ма, теңиз бар ма, көрдим демейди! Таўларыңды талқан етип жибереди! Жумыртаў, Қаратаў дегенлериңди билемисең, күннен күнге киширейип баратыр-ә! Билемен-ғо, мен ПМК ада көп ислегенмен, ақыры! "Таў түўесиледи екен-аў! Вагон-вагоны менен тартып тур-ә мрамор дегенлериңди! Хожелиден дизилген вагонның Ташкентке шекем себи үзилмейди десем лап емес! Бәринде кетип баратырған Қаратаўдың мраморы, қайрақ тасы, Жумыртаўдың кәни!...
- Ояқларда жоқпекен, бала! - Жәлимбет таңланып сорады. - Соншелли жерден тасып не ҳәлек, мен сениң гәпиңе гиябенттиң гәпи деп қарайман, Дәнияр!
- Кимниң гәпи десең соның гәпи де. Ешекке "ешек" дегени менен кеўилине келмейди, бәри бир, себеби ол ешеклигин жасырып жүрген жоқ, мен де "гиябент емеспен" демеймен ғой. Мен бирақ, көргенимди айтып отырман, исен-исенбе өз жумысың, мениң гәпим туўры ма, Нуреке! - Нурлепеске ийегин екшетип, жеңимпазларша гәпин даўам етти:
- Шынында да Қаратаўдың қара мраморындай мрамор әлемде шенде-шен, сен Ташкентти айтасаң-аў, ҳәтте Москваның метросына кетип атыр деп еситтим мен!...
- Соған пул бере ме екен!!
Дәнияр еки бармағының арасына бас бармағын тығып көрсетти.
(Даўамы бар)
Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev
27. 11