АНА ТИЛИ ТОЛҒАНЫСЛАРЫ (дүрким) 1 ҚАРАҚАЛПАҚША Жақында сырт елде болған бир конференцияда «қарақалпақ тили жоғалып баратырған тиллерден» деген мәселе қозғалыпты. Буған шыдамай миллетимиздиң қайсыдур бир мәрт перзенти сөзге шығып, сол пикирлерди анық дәлиллер менен бийкарлапты. Әттең, сол азамат инсанның кимлигин сирә биле алмадым. Иңгәлап жыладым бесикте жатып, Анам ҳәййиў айтты сонда жубатып, Сөйлемейди анам тилин шубартып, Тыңлатқан ҳәййиўи – қарақалпақша. «Түлкишек»тен тилим шықты былдырлап, Қашарман ойнадық, шаўып патырлап, Қолға түскен ўақта биз қаўынлар урлап, «Қайталанбас, енди…» дедик – қарақалпақша. Алыслассақ усы тилде шарлаймыз, Қарғасақ та усы тилде қарғаймыз, Дүнья билиң, биз бармыз – жоғалмаймыз, Жоқлаймыз сизлерди – қарақалпақша. Бул тилдиң сөйлейтуғын өз халқы бар, Түркитекли – тас басарлық даңқы бар, «Тилиң өли» деўге кимниң ҳақы бар, Журтқа сәл өкпем бар – қарақалпақша. Турмаса да журттан зыят жарқырап, «Жоқ болажақ» дегени емес – бул бирақ, Күн келгенде үстиме таслап топырақ, Халқым жылар, жоқлап –қарақалпақша... 2 ТИЛ КАРДИОГРАММАСЫ 2018-жыл Қазан университетинде болып өткен халықаралық семинарға пединституттан үш қыз қатнасты. Олардың қарақалпақ екенин естикен бир украин қызы ҳайран болып оларға былай деген екен: «Бизлер қарақалпақ тилин сабақлықларда өли тил деп өтип жүрмиз ғо...» Миллет руўхы қанымызға тарап тур, «Тилди жойтпа!», бабам көкте қарап тур, Соғып тур ма? Жүрегиңе қулақ түр, Тил де солай өмир сүриўи керек. Усы тил көз ашып көргениң сениң, Жылап-сықлап, ойнап-күлгениң сениң, Тилиң өли десе – өлгениң сениң, Буны жети әўладың билиўи керек. Тиришилик – ийретилген сызықлар, Инфаркт етер тилди тили бузықлар, Айланып табар деп күтер қазықлар, Бассыз кеткен атлар келиўи керек. Жүрек гүрс-гүрс, шүйкилдейди аппарат, Тири болсаң тири тилде даңқ тарат, Импульс бар ма – жатпа бийкар жалт қарап, Тилиң дүньялық тилге кириўи керек. Ўазыйпа тур мәңгиликке еңсеңде, Таза сөйле үйде, дүзде, кеңсеңде, Қулпытасыңда күн келип өлсең де, Қарақалпақша сөз турыўы керек! 2019-2020-жыллар 3 МЕНИҢ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИМ (Бақша жасындағылар ҳәм баслаўыш класс оқыўшылары ушын) Түркий бабам тилисең, Батырлардың пирисең, Өлмейсең, мәңги тирисең, Мениң Қарақалпақ тилим. Шежиресисең Бердақтың, Сүйенишисең урпақтың, Тәғдирисең Қарақалпақтың, Мениң Қарақалпақ тилим. Кенимехте, Тамдыда, Зибанласлар қалды да, Кирмейсең сен аз санлыға, Мениң Қарақалпақ тилим. Туўысқан қазақ, ноғайым, Бар қыпшақ қалың ағайин, Дүньяға дабыл кағайын, «Мениң Қарақалпақ тилим!». Сен Дәшти Қыпшақ даламсаң, Соппаслы Сыпыра бабамсаң, Авесто, Орхон, Қурансаң, Мениң Қарақалпақ тилим. Сен барсаң, бардур миллетим, Сени асыраў миннетим, Қалма латындай жур жетим, Мениң Қарақалпақ тилим. Тентеклер бермейди төрин, Сонда да төр беттен көрин, Ийеле дүнья минберин, Мениң Қарақалпақ тилим. Сен – ақ бесик таянған Анам, Кешип кетсе өзиңнен балаң, Тыңлаған бар ҳәййиўим ҳарам! Мениң Қарақалпақ тилим. 01.11.2020 4 «ПОЗДРАВЛЯЮ» Сыйлықлаўы басланды сыйлылардың, – Орын алғанлар, кел берман, жақынла. Келиўден расход усы декабрь дым, Төлеў керек подарканың пулын да. Әўеле белсене қатнасқанлар кел, – Төреева Айгүл, молодцы, қызым. Фотоға ал, сен грамотасын бер, Давай, тезлетейик, оқы тез изин. – Биринши декабрь тил байрамында Үшинши орынды алғаны ушын Айтбаев Ықлас… – Молодец, кел бунда, Будущий поэт, зор, сөнбесин йошың. Дипломы берилди ҳәрбир баланың, Сүйиўден күйиўлер, күйиўден сүйиў. Тил байрамы өтти, дослар, куўаның, – Орын алған балалар, поздравляю. Аллаяр Дарменов, Ноябрь, 2024. канал: @Allayar_Darmenov
Открыть в TelegramАллаяр Дарменов
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Қарақалпақ, қаңлы. Балалар каналым: @Allayar_bala Байланыс: @AllayarDarmen Топар: t.me/AllayarDarmenov Инстаграм: https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link
Новые посты
Әдебият хожалықты баға алыўы керек. Бай қылыўы шәрт емес дә, бирақ күнделикли руўзыгершилигин тәмийинлеўи керек. Оразбай Әбдирахманов @Allayar_Darmenov
Открыть в TelegramСолдат хаты (Қазақстанда Каспий теңизинде оқыў-шынығыў гезинде қаза тапқан әскерлер руўҳына бағышлайман) Мама, жоралар менен бирге едик, Үстимизде бир кийим, бирдей етик, Буйырса қайтамыз бир ҳәптелерден, Уялтпа ел алдында еркелетип. Билемен, келин излеп тентенесең, Түсиме арыў емес сен енесең, Ерси көрме келиниңниң алдында, Ақлығыңа қосылып еркелесем. Қәнекей, туўған елди гезип шықсам, Суўға сүңгип, Каспийди кесип шықсам, Бабам ат шаптырған мына далада, Қайың емес, байрақ боп өсип шықсам. Аўа, мийзан түсти, суўытты суўлар, Билмедим, негедур жүрегим суўлар, Көк ҳәм жер арасы саўаш майданы, Кимге ем дәри усы соғысыўлар!? Ўатсапта видеом бар жоллаған жаңа, Сағынсаң жыламай қайтадан қара. Яқшы, мийзан түсти, түспеймен суўға, Буйырса, бир ҳәптеден қайтаман, мама… Аллаяр Дарменов 25,26-сентябрь, 2026-жыл. https://www.instagram.com/reel/DdwkY7-tkFe/?stkn=ZWg1eXFwbm41Zm5x @Allayar_Darmenov
Открыть в TelegramЕки аяқлыда татыўым — бөлем Нуратдин мына қосығымды жасалма интеллектке айтқызыпты. Маған унап қалды. Сизге ше? Қайерден үй алайық? Кел, жаным! Айды аялайық, Қуяшты қуўалайық, Жулдызларға жуўырмай, Жерден жай алайық. Марста мәс болармыз, Айда аш болармыз, Әрманлап аспанды, Жерден бос қалармыз. Квартира, домыңды, Жыйнап тийин, сомыңды, Биз де үйли болармыз, Қудай берсе жолымды. Шөлде, қырда я таўда, Шет елде ме, атаўда? Қала жақта қысласақ, Жазда жайлаў, отаўда? Китаплардың сал бәрин, Саламаттың медалларын, Сыймаса бизиң атақлар, Қалағойсын бирли-жарым. Гөне-қоқсы тасыма, Қызыңды ал қасыңа, Таза үйге таза көйлек, Әперсин апасына… Қудайға нар тәўекел, Гилтим қайда, таўып бер, Балларға қарап турайын, Сыйырыңды саўып кел… Аллаяр Дарменов, 23.07.2026. @Allayar_Darmenov
Открыть в TelegramБүгин Қарақалпақстан халық шайыры, Устазымыз Рустем Мусурман туўылған күн. Рустем аға қарақалпақ шайыр-жазыўшыларын өзбек китап оқыўшыларына таныстырыўда тынымсыз мийнет ислеп киятырған зәбердес аўдармашы, талантлы шайыр, журналист. Бизиң “Айдос” қосықлар топламымызды да өзбек тилине аўдарып, баспадан шығарған еди. Устазға узақ өмир, беккем денсаўлық тилеймиз. Видеода: И. Юсупов мектебине имтихан ўақты. Өзбекстанның футбол бойынша жәҳән чемпионатына шыққанына арнап Рустем аға өзи жазған қосығын оқып бермекте. @Allayar_Darmenov
Открыть в TelegramҚайерден үй алайық? Кел, жаным! Айды аялайық, Қуяшты қуўалайық, Жулдызларға жуўырмай, Жерден жай алайық. Марста мәс болармыз, Айда аш болармыз, Әрманлап аспанды, Жерден бос қалармыз. Квартира, домыңды, Жыйнап тийин, сомыңды, Биз де үйли болармыз, Қудай берсе жолымды. Шөлде, қырда я таўда, Шет елде ме, атаўда? Қала жақта қысласақ, Жазда жайлаў, отаўда? Китаплардың сал бәрин, Саламаттың медалларын, Сыймаса бизиң атақлар, Қалағойсын бирли-жарым. Гөне-қоқсы тасыма, Қызыңды ал қасыңа, Таза үйге таза көйлек, Әперсин апасына… Қудайға нар тәўекел, Гилтим қайда, таўып бер, Балларға қарап турайын, Сыйырыңды саўып кел… Аллаяр Дарменов, 23.07.2026. @Allayar_Darmenov
Открыть в TelegramӘзербайжанның Шуша қаласында болып өтип атырған Түркий дүнья жас шайырларының ll халықаралық фестивалында Молла Панаҳ Ўағиф көкирек белгиси менен сыйлықландық. 17.07.2026. @Allayar_Darmenov
Открыть в Telegram#Венеция_дәптеринен ТАСБАҚА Бесигин жаздырар жыласа бала, Әжел жаздырмайды қанша жулқынсақ. Қум жағыста жансыз жатқан бийшара, Тасбақаны тербетеди толқынсақ. Ол уйқыда, ҳәййиў айтар көк теңиз, Суў түбинде сайран етер түсинде. «Кешикти ғо бала» деп гәп етпеңиз, Турмыз бәримиз әжелдиң есинде. Қарамы козыдай ессиз жәниўар, Излеп те атқанды бала-шағасы. Ақ көбик жөргекке орар толқынлар, Венецияның өли тасбақасын. Гөззаллық ақтарып келгенмен бунда, Алыс Азияның қумлықларынан. Ал тәғдир мазақлап ойнайды ол да, Көрсетип әжелдиң сумлықларынан. Теңиз жуўып барар басқан изимди, Аз жасайман тасбақадан гөре мен. Гейде мына өмирдеги өзимди Тасбақадан сәл-ақ тәўир көремен. Аллаяр Дарменов, Июнь-июль, 2026. @Allayar_Darmenov
Открыть в TelegramСвязи
Похожие каналы
Suhrob Ziyo@suhrob_ziyo1Искусство1,07 тыс.
Rashid Xo‘jamov | she'rlar@r_xojamovИскусство1,07 тыс.
She'r sehri@shersehriИскусство1,09 тыс.
She’riy lahzalar@sheriylahzalarИскусство1,1 тыс.
ЭШҚОБИЛ ШУКУР ижоди@eshqobil_shukur_ijodiИскусство1,12 тыс.- Şahriyor Şavkat@shahriyor_shavkatИскусство1,12 тыс.
Matnazar ABDULHAKIM | Матназар АБДУЛҲАКИМ@m_abdulhakimИскусство1,2 тыс.
Humanhouseuz@humanhouseuzИскусство1,21 тыс.