🌙 ШАҢАРАҚТА КЕШ Сиз бүгин биреўдиң кеулин көтерген болсаңыз — зорсыз! ❤️ Ал ҳеш кимниң кеулин көтермеген болсаңыз да, өзиңиздиң кеулиңизди көтерип қойың. 😂 Бүгинги күниңизге кеминде бир күлки қарызсыз! Күлимсирең, ертең тағы жаңа күн! 😁🌷 🛩 Телеграм ° 🌐 Инстаграм
Open in Telegram
“Шаңарақ” орайы
Бахытлы адам - берекетли шаңарақ негизи🌿 🏢Мәнзил: Нѳкис қаласы, А.Шамуратовa кѳшеси 117Б жай Байланыс ушын: @Shanaraq_orayi_BOT
Average views per post by day
By publication day
Show as table
| Date | Avg views per post |
|---|---|
| Nov 19, 2026 | 572 |
| Nov 20, 2026 | 587 |
| Nov 21, 2026 | 572 |
| Nov 23, 2026 | 395 |
| Nov 24, 2026 | 350 |
| Nov 25, 2026 | 329 |
| Nov 26, 2026 | 220 |
Most viewed this month
- 01Views620Forwards—Reactions3Comments—
- 02Views578Forwards—Reactions3Comments—
- 03Views572Forwards—Reactions2Comments—
- 04Views572Forwards—Reactions1Comments—
Latest posts
«Шаңарақ функциялары» ҳәм «Шаңарақтағы мүнәсибет басқышлары» ҳақкындағы мағлыўматлар бар, ал енди "Шаңарақлық кризис" ҳаққында мағлыўмат берип өтпекшимиз. Дүньяжүзлик психологлар шаңарақта ✔️1 жыллық ✔️3 жыллық ✔️7 жыллық ✔️12-14 жыллық ✔️23-25 жыллықтағы кризислер болатуғынлығын ҳәм усы дәўирде көбирек шаңарақлар ажырасыўлары жүз беретуғынлығын атап өтеди. ☑️1 жыллық крисиз – бул аўыр басып өтилетуғын кризислерден болып, кризиске алып келиўши себеп бул дәўирде тийкарынан келин таза үйге масласыўы керек болады, өзиниң жасаў тәризин жаңа үйине алып киреди, қайсы бирлеринен кешиўине туўра келеди. Күйеўде әйне сондай өмирлик жолдас, оның ис-ҳәрекетлери, әдетлерине көниўи, өзиниң қайсы бир әдетлерин өзгертиўге туўры келетуғын дәўир. Яғный қабыл етиў дәўири болып, барынша қабыл етиўди қәлемей, көпшилик өзи қәлегендей етип екинши тәрепти тәрбиялап алыўды қәлейди, буның ақыбетинде болса келиспеўшиликлер келип шығады ☑️3 жыллық кризис – бул дәўирде ерли-зайып бир-бириниң жеке шегарасына шуқыр кирип баратуғын дәўир, жеке шегаралар бузылыў, урыс-жәнжелде қол көтериўлерге шекем барылыўы мүмкин, және олар өз алдына жасаў қәлеўи күшли болатуғын дәўир ☑️7 жыллық кризис – бул дәўирде инсанлардың ишки қәлеўлерине оның шаңарақлық жағдайлары туўры келмегенлиги себебинен келип шығады ☑️12-14 жыллық кризис – басып өтилген жыллары даўамында көп кеўил қалыспалар, жәнжеллер болса, биргеликтеги мақсетлерине жүдә аз ерискен болса ерли-зайыплылардың ишинен мен бирге жасап дурыс қылып атырыппан ба, өмиримди бирге өткерип атырған адам менен усындай урыс-жәнжеллер менен даўам еттиремен бе, жалғыз өзим ҳәрекет еткенимде көбирек затқа ерискен болар едим яки бул бирге жасаўды тоқтатып басынан баслағанымда жақсырақ болармеди деген пикирлер көп болады ☑️23-25 жыллық кризис – бул кризис себеби көбирек сезимлердиң жоқ екенлиги болып, бул дәўирде балалар өз жеке өмирлерин қурған болады, ата-ана енди өзлерине нәзер салады ҳәмде бахытлы болыўға, меҳир көриўге мүтәжлик сезеди. Өзи ушын бахытлы жасаўды қәлеў күшейеди ❕Кризис ҳәр қандай шаңарақта болады. Бул тәбийий жағдайлар ҳәм бул дәўирди басып өтиўге болады. Бул ушын азырақ сабыр менен кеңнен пикирлеп алдыға биргеликте умтылыў, басып өтилген жақсы күнлерге нәзер салыў, болып өткен кеўил қалыспаларды қойып жибериў керек❗️ 🛩 Телеграм ° 🌐 Инстаграм
Open in Telegram🕊 Бир кишкене еслетпе... Сиз суўды қанша қатты усласаңыз, ол бармақларыңыздың арасынан сонша тез ағып кетеди. Гейде өмирде де солай. Ҳәмме нәрсени услап қалыўға тырыспаң. Базы бир нәрселерди жибериў — өзиңизге тынышлық бериўдиң бир жолы. Жүрегиңизди жеңиллетиң. 🤍 🛩 Телеграм ° 🌐 Инстаграм
Open in Telegram🌙 ШАҢАРАҚТА КЕШ 📲Телефонның қуўаты 5% болса — зарядка излеймиз. 💸Ақшамыз азайса — уайымлаймыз. 🛒 Уйде азық-аўқат түўсиле басласа — дәрҳал дүканға жүгиремиз. Ал өзимиздиң энергиямыз 1% қалса да, «тағы азмаз шыдайман» деп жүре беремиз. 😂 Айтыңшы, сиз өзиңизди соңғы рет қашан зарядкаға қойдыңыз? ❤️ 🛩 Телеграм ° 🌐 Инстаграм
Open in Telegram🌷 Бир кишкене еслетпе... Китаптың бир бетин оқып, оны бирден тамамлай алмайсыз. Бирақ ҳәр бир оқылған бет сизди ақырына жақынластырады. Өмириңизди де асықтырмаң. Киши жетискенликлерди де кориуды үйрениң. Себеби үлкен нәтийжелер кишкентай қәдәмлерден басланады. 📖 🛩 Телеграм ° 🌐 Инстаграм
Open in Telegram🌙 ШАҢАРАҚТА КЕШ 😂 Бүгин неше затты ертеңге қалдырдыңыз? Жуўыў керек еди — ертең. Жыйнаў керек еди — ертең. Спорт пенен шуғылланыў керек еди — дүйсенбиден. Өзиме ўақыт ажыратаман дегеним — тағы бир ертең... Қыззығы, ертеңге қалдырған жумысларымыз шаршамайды, ал биз шаршаймыз. 😂 Ал, жасырмай айтың: бүгинги «ертеңге» қалдырған ең үлкен жумысларыңыз не? 😁👇 🛩 Телеграм ° 🌐 Инстаграм
Open in Telegram💔 Қарым-қатнас қалай суўый баслайды? Көпшилик ерли-зайыплылар кишкене мысқыл яки ҳүрметсизлик үлкен мәселеге айланыўы мүмкинлигин ойламайды. Психолог Джон Готтман изертлеўлеринде қарым-қатнасқа зыян келтиретуғын 4 түрли ҳәрекетти анықлаған: 1️⃣ Сынлаў — адамның ис-ҳәрекетин емес, жеке басын жаманлаў. 2️⃣ Менсинбеў — мысқыллаў, келеке етиў. 3️⃣ Өзин ақлаў — қатени мойынлаў орнына барлық айыпты шеригине жүклеў. 4️⃣ Үнсизлик пенен жазалаў — мәселени шешиў орнына сөйлесиўден қашыў. 🧠 Булар неге қәўипли? Бундай ҳәрекетлер қайталана берсе, еки адамның арасында исеним азайып, эмоционаллық жақынлық хәлсиреўи мүмкин. 🛠 Не ислеў керек? ✅«Сен ҳәрдайым усындайсаң!» орнына «Бул жағдай мени қапа етти» деп айтың. ✅Мысқыл орнына ҳүрмет пенен сөйлесиң. ✅Қызғын талас ўақтында тынышланыў ушын пауза алың. ✅Күн сайын шеригиңиздиң жақсы бир қәсийетин атап өтиң. 📌 Есиңизде болсын: Қатнас бир күнде бузылмайды. Көбинесе ол күн сайын қайталанатуғын кишкене ҳүрметсизликлерден әззилеседи. 💬 Сизиңше, шаңарақта қайсысы көбирек жаралайды: қатты сөз бе яки суўық үнсизлик пе? 🛩 Телеграм ° 🌐 Инстаграм
Open in Telegram☀️ Бир кишкене еслетпе... Сиз ҳәр күни күнниң шығыўын басқара алмайсыз, бирақ перделериңизди ашып, оның нуры кирсин деп имканият жарата аласыз. Өмирде де солай. Ҳәмме нәрсени басқара алмайсыз, бирақ өзиңизге жақсы өзгерислер ушын жол аша аласыз. Бақлаў қолыңызда болмаған нәрселерди қоя бериң. 🌿 Жаңа күниңиз нурға толсын! 🤍 🛩 Телеграм ° 🌐 Инстаграм
Open in TelegramConnections
Similar channels
Sukut Saqlama (NeMolchi.uz o'zbek tilida)@sukutsaqlamaPsychology1.99K
Buyuklar Kundaligi@buyuklarkundaligiPsychology2.33K
🤩Яшаш бахти🤩@yashash_baxtiPsychology1.33K
Muvaffaqiyat Kaliti 🔑@muvaffaqiyat_kalitiPsychology1.26K
AbuSolih Fox | Shaxsiy Rivojlanish@abusolihfoxPsychology1.25K
Psixolog Gulnora Sobitova | Oilaviy psixolog@gulnora_sobitovaPsychology2.49K
TASKIN - Psixologik markazi@taskin_markazPsychology2.49K
Insayt Psixologiya@insight_psixologiyaPsychology2.5K