Posts of ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
🌅 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ, ҚӘДИРЛИ КАНАЛЫМЫЗ ЫҚЛАСБЕНТЛЕРИ! Ассалаўма әлейкум! Жаңа таң, жаңа үмит, жаңа қуўанышлар менен оянған күниңиз берекетли болсын! Бүгин — дем алыс күни. Жанға тынышлық, жүрекке қуўаныш сыйлайтуғын әжайып күн болсын. 🌿 Бираз дем алыңыз, жақынларыңыз бенен ўақыт өткериң, жақсы сөзлер айтып, жақсы ойлар менен кеўлиңизди байытың. Есиңизде болсын: «Инсанның ең үлкен байлығы — тынышлық, таза нийети ҳәм қәдирин билетуғын жақынлары». Бүгинги күниңиз мийримге, шадлыққа, жақсылыққа толы болсын! Ҳәрбир шаңарақта тынышлық, ҳәрбир жүректе шүкирлик болғай! 💐 Дем алыс күниңиз қуўанышлы өтсин! «Ибратлы сөзлер» каналы сизлерге ҳәр таңда жақсылық ҳәм илҳам йош тилейди! ❤️ Қаўыс айының 29-сәнеси, екшемби https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramҚалың мал алған дурыспа, алмаған дурыс па..? Пикирлер комментке👇 Реклама тийкарында алынған видео ролик https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 968 |
| 4 h | 1,810 |
| 7 h | 2,520 |
- After 1 hour968
- After 6 hours2,520
- Total to date2,520
#Архив МЕМУАР (Мемуарлар. Мемуары) - өтмиш ҳаққында естеликлер, еске түсириўлер түринде жазылған әдебий шығарма, яғный болып өткен ўақыя, ҳәдийселердиң белгили бир адам, заманлас ямаса сол ўақыялардың гүўасы ҳәм қатнасыўшысы болған инсан тәрепинен жазылыўы. https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 3 h | 1,300 |
| 5 h | 1,900 |
| 8 h | 2,330 |
- After 6 hours1,900
- Total to date2,330
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 216 |
| 8 h | 2,240 |
- Total to date2,240
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 298 |
| 9 h | 2,180 |
- Total to date2,180
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 309 |
| 6 h | 1,850 |
- After 6 hours1,850
- Total to date1,850
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 379 |
| 6 h | 1,750 |
- After 1 hour379
- After 6 hours1,750
- Total to date1,750
🍃🍃🍃Менменлик Жасанып кийинип алған бир киси базарда айланып жүрип, май сатыўшы ҳаялға дус келди... Киси: - Ҳәй сен, не сатып атырсаң? - деди. Ҳаял: - Май сатып атырман, мырза, - деди. Киси: - Көрсетиң! - деди... Ҳаял басындағы май ыдысты түсирип атырғанда ол адамның шырайлы кийимлериниң үстине бир неше тамшы шашырады. Оның ғәзеби келип: - Ҳәй, есиң дурыс па?? Кийимимди бүлдирдиң! Ақшасын төле! - деди. Ҳаял: - Кеширерсиз, мырза. Билмей қалдым. Мен бир кәмбағал ҳаялман. Қалай төлеймен? - деди. Киси: - Төлемесең, кетпеймен! - деди. Ҳаял: -Қанша турады, кийимиңиз? - деди. Киси: - Мың дирҳам! - деди. Ҳаял: - Сонша пул менде не қылсын? - деди. Киси: - Ол жағы менен жумысым жоқ! Төлейсең! - деди. Ҳаял: - Мийримиңиз келсин, мырза. Мени шерменде етпең! - деди. ... Ол кисиниң ҳаялға бақырып атырғанын еситип бир жигит келди. Ҳаялдан сорады. Ол ўақыяны айтып берди. Жигит: - Мен беремен, сол ақшаны! - деди ҳәм мың дирҳам берди. Киси бирме-бир санап алып, кетиўге таярланды. Жигит: - Кеўлиңиз жайына түсти ме? - деди Киси: - Не демекшисең? - деди. Жигит: - Кийимниң ақшасын алдыңыз ба?? - деди. Киси: - Аўа..! - деди. Жигит: - Кийим қәне? - деди. Киси: - Не? - деди. Жигит: - Сизге кийимиңиздиң ақшасын бердик. Оны сатып алдық. Бизге бериң енди! - деди. Киси: - Жалаңаш кетемен бе? - деди. Жигит: - Ол жағы менен жумысым жоқ! - деди. Киси: - Кийимди бермесем ше? - деди. Жигит: - Олай болса ақшасын бериң! - деди. Киси: - Мың дирҳам ба? - деди. Жигит: - Сизге берген баҳасын сорап атырған жоқпан! - деди. Киси: - Мың дирҳам бердиңғой? - деди. Жигит: - Оны еки мың дирҳамға сатамыз! - деди. Киси: - Жүдә көпғо? - деди. Жигит: - Қымбатлылық қылса, мәрҳамат, қәлеўиңиз. Кийимди бериң! - деди. Киси: - Мени шерменде қылмақшымысаң? - деди. Жигит: - Бираз алдын сиз де бул ҳаялды шерменде қылажақ едиңизғо? - деди. Киси: - Бул - зулымлық, - деди. Жигит: - Зулымлық ҳаққында СИЗ сөйлеп атырсыз ба?! - деди. Сонда киси уялып, басын ийди... Ақшаны жигитке қайтарып, ҳаялды кеширди. Жигит ол пулларды ҳаялға берди. Ўақыя гүўалары жигитке миннетдар болды. 💎https://t.me/ibratli_sozler
Open in Telegram#Рәўият ТЕРЕК ЕКСЕҢ, ГҮНАҢ ЖЕҢИЛЛЕСЕР... Ертеде бир аты шыққан қарақшы болады. Ол Шайқы Бурқы деген уламаға келип: - Мен қырық жыл даўамында аўыр гүнәлар иследим. Зулымлықтан басқа ис қылмадым. Енди тәўбеге келдим. Қандай әмел ислесем, Алла мениң гүналарымды кеширеди? - деп сорапты. Сонда улама: — Адамлар көп өтетуғын жерге, жолдың шетине мийўели тереклер ек. Өткен-кеткен жолаўшылар саясында дем алсын. Жемисин жеп, шөлин қандырсын, — дейди. Соннан сол қарақшы бир жолдың шетинен жер таўып мийўели тереклер егип баслайды. Буның еккен тереклери көбейип, ол жерлер үлкен бағқа айланады. Арадан көп жыллар өтип баяғы улама Шайқы Бурқы сапарда жүрип бир бағқа дус келеди. Шәкиртлеринен "Бул кимниң бағы екен, ийеси ким екен?" — деп сорайды. Сонда шәкиртлери буны сорастырып бир қарақшының бағы екен, өзи қайтыс болғанына бираз жыл болыпты. Бағ сол қарақшының аты менен аталып кеткен деседи. Солай етип, улама сол бағда уйқылап дем алады. Уйқыда жатып бир әжайып түс көреди. Түсинде баяғы қарақшы бейиште жүргенине гүўа болады. Оның басына жоқарыдан нур тамып тур екен. "Я Алла, бул не нур қарақшының басына тамып турған?!" — деп сорайды. Сонда Аллатаала: — Бул қарақшы адамларға пайдалы ис қылды. Бағ егип, оннан адамлар пайдаланып атыр, солардың саўабы буның басына нур болып тамып атыр, — дейди. Улама уйқысынан кеўилли оянып турады. Ҳәм соннан кейин жүрген жеринде " Терек егиңлер, бағ жаратыңлар" деп нәсият айтып баслайды. "Қарақалпақ халық рәўиятлары" китабынан. https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 2 h | 1,140 |
| 24 h | 2,670 |
- After 24 hours2,670
- Total to date2,670
#Мотивация Сиз ең гөззал, ең сулыў, әжайып инсанлардың бирисиз Қәдирлим! 😊☺️ Арзымас нәрселерге кеўлиңизди шөктирип қапа болмаң, сизге күлген жарасады🤗 ┄•⊰🌷•═•⊰🌹⊱•═•🌷⊱•┄ Арзымас нәрселер ушын ўақтыңызды босқа өткермең! 🌸•┈•❁🍃🌸🍃❁•┈•🌸 ✨ https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 3 h | 1,600 |
| 25 h | 3,380 |
- After 24 hours3,380
- Total to date3,380
#Таңғы_тилек 🥰 АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ! ✨🌸 Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир! ✨🌸 Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын! ✨☘️ Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын! ✨🌸 Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймиз. ✨☘️ Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын. ✨🌸 Ибадатларыңыз әжр-саўапларға толы болсын! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 3 h | 2,310 |
| 25 h | 5,200 |
- After 24 hours5,200
- Total to date5,200
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН, ҚӘДИРДАНЛАР!!! Қандай болса да өткен күнге шүкиршилик етиң! Жақынларыңызды қәдирлең! Туўысқанлардың бар екенлигине миннетдаршылық билдириң! Барлығыңыздың өзи - бахыт! Жол қойған қәте-кемшиликлеримизди Алланың өзи кеширсин! Ертеңги күнге саў-аман жеткизсин! Таңда дийдарласқанша жақсы дем алың! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН! 🌙💫⭐️🌙💫🌛✨🌟⭐️🌙💫 https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 776 |
| 3 h | 1,290 |
| 5 h | 1,380 |
| 7 h | 1,440 |
| 27 h | 3,610 |
- After 1 hour776
- After 6 hours1,440
- After 24 hours3,610
- Total to date3,610
"ҚАШАН АЙТАМАН" 🎤МӘДИЯР БЕКПОЛАТОВ. .... ЙОШЛЫ ҚОСЫҚ ТЫҢЛАП ДЕМ АЛЫҢ, ӘЗИЙЗ АРНАМЫЗДЫҢ ҚӘДИРИ БӘЛЕНТ АҒЗАЛАРЫ! .... СИЗЛЕРДИҢ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎЛАРЫҢЫЗ БИЗДИ ЖӘНЕДЕ РУЎХЛАНДЫРАДЫ! ❤️👍👏👏👏 https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 1,100 |
| 3 h | 1,450 |
| 7 h | 1,550 |
| 27 h | 3,440 |
- After 1 hour1,100
- After 6 hours1,550
- After 24 hours3,440
- Total to date3,440
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 2 h | 1,300 |
| 4 h | 1,500 |
| 6 h | 1,540 |
| 24 h | 2,590 |
- After 6 hours1,540
- After 24 hours2,590
- Total to date2,590
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 2 h | 1,270 |
| 4 h | 1,450 |
| 6 h | 1,480 |
| 24 h | 2,610 |
- After 6 hours1,480
- After 24 hours2,610
- Total to date2,610
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 2 h | 1,290 |
| 4 h | 1,460 |
| 6 h | 1,500 |
| 24 h | 2,550 |
- After 6 hours1,500
- After 24 hours2,550
- Total to date2,550
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 2 h | 1,220 |
| 4 h | 1,380 |
| 6 h | 1,410 |
| 24 h | 2,370 |
- After 6 hours1,410
- After 24 hours2,370
- Total to date2,370
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 2 h | 1,210 |
| 4 h | 1,370 |
| 6 h | 1,400 |
| 24 h | 2,400 |
- After 6 hours1,400
- After 24 hours2,400
- Total to date2,400
Views growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 2 h | 1,220 |
| 4 h | 1,380 |
| 6 h | 1,400 |
| 24 h | 2,410 |
- After 6 hours1,400
- After 24 hours2,410
- Total to date2,410
#КҮН СОРАУЫ# ЖУУАБЫ ӨЗБЕК ШАЙЫРЫ М. ЮСУФТЫҢ БИР ҚОСЫҒЫНДА: "ДИЙУАЛЫ ЖИПЕКТЕН БОЛСА ДА ХЕШ КИМ ҚУРМАҒАН ЕҢ ҚӘДИРЛИ, БӘЛЕНТ ҚОРҒАН" ДЕП НЕ НӘРСЕГЕ АЙТЫЛҒАН??? деген сорау қойылып еди... ЖУУАП: "ШЫМЫЛДЫҚ" еди. Жууапларын коментте жоллаған , дурыс жууап берген инсанларға, хәрекетте болған ықласбентлеримизге шексиз миннетдармыз! !!! Әзийз арнамыз ағзалары! Жәнеде Сизлердиң хәрбир қойылған постьларға (материалларға) бийпарық емеслигиңиз, комментлерде белсендилигиңиз бәри-бәри "Ибратлы сөзлер" админстрациясы нәзеринде хәм сизлерге өз қадирли уақытларыңызды ажыратып биз бенен болғаныңыз ушын шексиз Миннетдаршылығын билдиреди!!! https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 2 h | 1,270 |
| 4 h | 1,430 |
| 6 h | 1,460 |
| 24 h | 2,400 |
- After 6 hours1,460
- After 24 hours2,400
- Total to date2,400
ӘНИЙПА Қыз айттырып шыққан еки жигит ,әкелериниң досты Наўрызбайдың үйине келди. Олар таныса баслады,алдыларына жарты наны бар қуры дастурхан.Келисим бойынша жигит ағасы сөйлеп отыр,күйеў болмыш жигит жым. -Сөйтип Таўмураттың баласыман де,жүдә бәрекелла!...Ал,сен кимниң баласыман деп едиң? -Жумамураттың -Жумамурат болғанда...ана бессарыдағыма? -Аўа сол. -Насосшы болатуғын? -Аўа насос айдайтуғын еди. -Ҳе,соның баласыман де.Әкең пақыр жақсы адам еди.Өзимиздиң баллар екенсең ғо..Әнийпа! -Ҳуў. -Шайыңды әкелмейсең бе? -Ҳәзир. -Таўекең не ислеп атыр? -Жақында дем алысқа шықты. -Әне қалас!Мудамы ғаўырлыға үйренип қалған адам,үйге сыймай отырған шығар. -Аўа.Ҳәзир де тез-тез мектепке барып турады. -Айтып отырман ғо ,үйренип қалған адам төрт дийўалдың ишине сыймайды. Әнийпа тақ еттирип бир шәйнек шай әкелип қойды. -Гүлбий қурдас не қылып атыр ?Еле дүканда ма? -Аўа. -Бәрекелла! Дени саў адамға жумыс жақсы,ислей берсин...Әнийпа! -Ҳуў! Кесаларыңды әкелмейсең бе? Әнийпа әлленемирде кесаларды әкелди. -Наўрызбай аға өзиңиз жумыстасыз ба? -Әй,яқ.Быйыл мына көзим әззилеңкиреп ,глаукома дейме,цифрларды дүгистирип ала берген соң қойдым...Әнийпв! -Ҳуў. -Босырақ наның жоқпа? -Ҳәзир. -Әнийпа азырақтан кейин бир шетинен қурттай алынған нан әкелип қойды. -Ал енди балалар ,жасы үлкен болған соң жол болсын сораў парызымыз,барыс қайдан келис қайдан? Жол бойы келисим бойынша буған жигит ағасы жуўап берди. -Жер өлшеп жүрмиз аға,усы әтирапта шыпалы суў бар деген болжаў болған екен ертеректе.Соған ҳәр жерден қазып топырақ әкетемиз. -Ондай суў шықса тәўир болар еди-аў,инилерим...Әнийпа! -Ҳуў. -Қант әкелмейсең бе? -Ҳәзир. -Наўрызбай аға,бурын усы әтираптың бәри бағ еди ғой,бүгин жол бойы бир түп терек көрмедик. -Пай,несин сорайсаң иним,мына қысқы суў деген бәле қуртып кетти ғо.Ҳхзир ешек байлаўға қазық таба алмайсаң....Әнийпа! -Ҳуў. -Тистеўишиң қайда? -Ҳәзир. -Иним ,сизиң жақлар толық бағшылық болып кетти-аў деймен-ә? -Аўа жартысы картошка.Қаўын қәмеги де бар -Сонысы мақул болған... Әнийпа? -Ҳуў. -Дастурханға қойғандай сары май-пары майың жоқ па? -Бар ғой. -Алып келсеш! -Буяққа автобус сийрек жүреме деймен? -Аўа,дым жанға тийип тур сөйери.Қалаға барып келиў үлкен күш.Басшылардың астында машина болған соң билмейди...Әнийпа! -Ҳуў. -Май жағатуғын пышағың қайда? -Ҳәзир -Жеңгемиз -әм қартаяйын деди ме,сәл умытшақлаў.Ояғын елестирмейсиз ,баллар. -Яғә,отағасы,зыяны жоқ. -Әнийпа! -Ҳуў. -Аўқатқа айналыстың ба? --Яқ. -Ҳаў айланыса бермейсең бе,енди! -Яқ Наўрызбай аға,биз кетемиз. -Кетесиз ғой,сонда да қуўыс үйден қуры шықпа деген.Азмаз шыдаң,ҳәп заматта тайын етеди... Әнийпа! -Ҳуў. -Газдың үлкен ошағын жақтыңба? -Яқ кишкентайын жақтым ғо. -Әй,сен-әм бир .Баллардың асығып отырғанын көрип турсаң ғо.Қойып тур ,өзим барайын. Ғарры урман -пурман газханаға шықты. -Келген жумысымызды айтсақ па екен?-деди күйеў болмыш жигит. -Дым үндемей-ақ қой,шешесин көрип қызын ал деген усы екен.Оннанша тез өкшени көтерейик..Олар аяқларын сылт еттирместен қапыдан шығып зым ғайып болды.Азырақтан кейин Наўрызбай ғарры сөйлениўи менен кирип келди -Сөйтип инилерим,өзимиздиң баллар екенсиз ғой.Қуры аўыз кеткен деген уят болады,азымаз шыдаң,ҳәзир... Ҳаў Астапыралла,жин бе,шайтан ба?.... Әнийпа! 12.03.1994ж М.Нызанов. https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 1,020 |
| 3 h | 1,910 |
| 7 h | 2,080 |
- After 1 hour1,020
- After 6 hours2,080
- Total to date2,080
#халық даналығы# Адамның кийимине қарап баҳа бермең :себеби сыртқы көринис алдамшы болыуы мүмкин!!! . Адамның жүзине қарап баҳа бермең: себеби Аллаҳ таала жүзсизлергеде жүз берген... https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 105 |
| 2 h | 1,610 |
| 4 h | 2,270 |
| 7 h | 2,400 |
- After 6 hours2,400
- Total to date2,400
ЖАҚСЫ АДАМ КИМ?.. 💖Қарыз сорап барғаныңда берген адам емес, жағдайыңыздан хабардар болып, өзи жәрдем берген адам - ЖАҚСЫ АДАМ. 💖Ҳажыға бардым деп, ҳәммени ҳажылыққа нәсиятлаған адам емес - айналасындағы жетим-жесирлерди қуўантып, азырақ болса да саўға берип турған адам - ЖАҚСЫ АДАМ. 💖Қурбанлыққа қой сойып, дәўлетли достыларына үлестирген адам емес, имкәни барынша ғәрийплерди қуўантқан адам - ЖАҚСЫ АДАМ. 💖Шаңарағына қос-қостан сарайлар салып берген адам емес, кишкентай үйде жасаса да, ҳаялын жылатпаған адам - ЖАҚСЫ АДАМ. 💖Перзентлерин шырайлы кийиндирип қойған адам емес, перзентлерине шырайлы тәрбия берген адам - ЖАҚСЫ АДАМ. 💖Тоқшылықта ҳәз етип жасаған адам емес, жоқшылықта сабыр етип жасаған адам - ЖАҚСЫ АДАМ. 💖Әўметиңиз келгенде ҳәмийше қасыңда болған адам емес, әўметиңиз кеткенде қасыңызда турған адам - ЖАҚСЫ АДАМ. БАРЫҢЫЗҒА ШҮКИР, ЖАҚСЫ АДАМЛАР!!! Елкеева Анар https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 986 |
| 5 h | 2,990 |
| 7 h | 3,750 |
- After 1 hour986
- After 6 hours3,750
- Total to date3,750
#КҮН СОРАУЫ# ӨЗБЕК ШАЙЫРЫ М. ЮСУФТЫҢ БИР ҚОСЫҒЫНДА: "ДИЙУАЛЫ ЖИПЕКТЕН БОЛСА ДА ХЕШ КИМ ҚУРМАҒАН ЕҢ ҚӘДИРЛИ, БӘЛЕНТ ҚОРҒАН" ДЕП НЕ НӘРСЕГЕ АЙТЫЛҒАН??? Жууапларыңызды күтемиз!!! https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 983 |
| 4 h | 1,640 |
| 7 h | 2,340 |
- After 1 hour983
- After 6 hours2,340
- Total to date2,340
«Өмирим» Дүнья-фаный, келмек ғаный, Келдимиў енди, не көрдим? Бирпуш дәне билсең аный, Биркүнше жоқдур өмирим. Бердимурат мениң өзим, Билмеске биймәни сөзим, Запырандек солды юзим, Өтти әрманда өмирим. Биримде ҳәўлеп күлгеним, Ата-анамды билгеним, Үшимде ғаз-ғаз жүргеним, Алақанда турған өмирим. Бес жасымда кеўлим өсти, Жети жастатисим түсти, Билмей жақсы-жаман исти, Қус талпыныслы өмирим. Он жасымда оқып кәлам, Жасы үлкенге бердим сәлем, Өтип дүньядан ата-анам, Қан жылап қалған өмирим. Он биримде жаным жақтым, Он үшимде бузаў бақтым, Жетимлилик гүлшесин таттым, Ғамлы балалық өмирим. Мен енди он төрт жасымда, Ышқы саўдасы басымда, Қыз-жаўан енип түсимде, Таўыс сүўретли өмирим. Он алтыда, он жетиде, Зәрделер толып кеўилге. Жақпай ойын-заўық бизге, Машқала түскен күнлерим. Қәдди далы назлар менен, Кеўил хошы сазлар менен, Илме султан сөзлер менен Дегишип өткен күнлерим. Налыш етип бир аллаға, Медиресе истәб бармаға, Илму фан ҳасыл қылмаға Талабан болған күнлерим. Жигирмада дардай болып, Жүк көтерген нардай болып, Гүркиреген шердей болып, Күшке толысқан күнлерим. Жигит жигирма биринде, Тақат таппас бир орында, Бир батпан самал мурында, Сәңкийип салған күнлерим. Кеўил әнжамсыз, қайғы-дәрт, Ышқы ҳәсер ишиңде өрт, Төрелик жоқ жигирма төрт, Шоғы ҳәўирли күнлерим. Түйилсе тис пенен шешкен, Топылса қылышсыз кескен, Жигитлик жигирма бестен Толықсып өткен күнлерим. Бир ғарғысаң жигирма алты, Енди айтар сөздиң салты: Илмиў сәўбет есимди алды, Маный излеген күнлерим. Белгили халыққа нышаны, Ядимдадур ҳәр қашаны, Қартайғанда Күнхожаны, Көрген күнлерим, күнлерим. Айтып сөзлерим тыңлатып, Кемис жерини оңлатып, Бир ярым ай бирге жатып, Ҳәзетип өткен күнлерим. Отызында отағасы, Тапсаң бергил қонақ асы, Боларсаң жигит ағасы, Ақыл тоқтатқан күнлерим. Биймәни гәп сөзлен беген, Сөз келгенде егленбеген, Шалқып аға беглер менен, Ҳәмсәўбет болған күнлерим. Паяны жоқ паный дүнья Алдады жол салып қыя Көп өмирим кетти зая, Аҳыў-афғанлы өмирим. Кимлер өткен өмирин билмес, Қартайса ҳәм қырққа келмес, Қырққа келсе, нырққа келмес, Қыр қмашақатлы өмирим. Байдың малы, жоқтың ҳалы, Бул дүньяның ғалма ғалы, Шеп есип дәўран самалы, Қазан урғандай өмирим. Қырқ ҳәм қалып, келди елиў, Қыйын емес парқын билиў, Жарасарма ойнап-күлиў, Еллиде белли өмирим. Алпыс ҳәм алқымлап келер, Шапаның жалпылдаған келер, Келинлер тоңқылдап келер, Әлип қадди дал өмирим. Дүнья-дүнья болғаның ба? Енди бизден қалғаның ба? Қазан урып солғанын ба? Суў киби тынған өмирим. Көрдим Хорезм, Бухарды, Даңқы шыққан көп шәҳәрди, Кемлик пенен шашағарды, Өтти әрманда өмирим. Бул дүньяның басы қызық, Тили – шийрин, көзи – сүзик, Ақыбети аның бузық, Көп пушайманлы өмирим. Ким жетпистен ҳәзлик тапқан? Ҳалың мүшкил қулбарақтан, Дизең асарлар қулақтан, Мүсәпирхана өмирим. Отырсаң боларсаң опақ, Турсаң боларсаң соп-сопақ, Күнлер қайда апақ-шапақ? Әўере болған өмирим. Адам менен болмай исиң, Даҳан кеўип, түсер тисиң, Дизиңнен сарқылып күшиң, Өтер дәўранлы өмириң. Шайыр ҳәм билгенин жазар, Ҳақ кимлерге салса нәзер, Соның иси болар базар, Базарын саўған өмирим. Дәртлерим көп көкей кесер, Өткен дәўран еске түсер, Жигирма бес – жилли ҳәсер Енди жоқ саған, өмирим. Кәрўан көшер, дүнья өтер, Бенде нешик иләж етер? Қылыш сүйреп әжел жетер, Келдиң – келмедиң, өмирим. Бақ я әжел жетсе дедим, Залым шырағы өшсе дедим, Сонша налып қайғы жедим, Өтип әрманда өмирим. Ҳаққа налыс еткил енди, Әрман менен кеткил енди, Айтар сөзин питкил енди, Өтти дүньядан өмирим. Келме-кетпели сөз айттым, Я билмеймен терис қайттым, Пирге дақыл басым шаттым, Өтти қәпесте өмирим. Бердимурат ҳақтың қулы, Саҳрада өскен бүлбили, Жазылды бул жылқы жылы, Хош бол, әрманлы өмирим. 👉https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 828 |
| 3 h | 1,610 |
| 7 h | 2,380 |
- After 1 hour828
- After 6 hours2,380
- Total to date2,380
Ақлықлар жемейтуғын болған соң дәстурханға келмеди. Еки ақлығында соңғы модадағы телефон, қулақларында научниги... Кишкенесинде экраны нахан планшет... -дым болмаса телефонларды қойып мында келсеңизғо! - деген әкесинде тыңламады. Олда қатаң талап етпеди. Келинде "ислетилген узыын, боялған тырнағын аядыма вилка менен әне жер, мына жерин түртип жеген болды. Бираздан кыз ақлығына, еки балаға анасы әллеқандай асханадан "бургер, лаваш" заказ етти. Бул көринслер, бул жағдайлар Айсәнемге унамады. Ертеңине шемби күни балаларрға дем алыс болды. Айсәнем уй ишине тазалық жумысын өтирмекши болды. Ақлық қызы көмеклесер деп айтып еди. Ол :-мен дем алысымды подругалар менен караокеде өтирмекшимен! - деп кетип қалды. Ал аклық бала тустен кейинге шекем уйқылады. Келеси кун баласы, келини, қулласы уй иши барлығы "уйқылау күни" екен. Нақ туске шекем уйқылады.... Туслик уақытта баласына:-мына аухалларың болмайды, балам! Дәстурхан кийели нәрсе, хамме жәмиу-жәм жыйылып қолдан ауқатлар писирип жеп, анедей шуйиркелесип отырып, балларыңызға өрнек болсаңызғо! - деп жаңа гәп баслағаны, қол телефоны шырр етип жумысынан қоңырау болдыма, кеттиде қалды. Келини педикюрға барыуым керек деп олда кетти. Кеш болды. Айсәнем еле умит пенен кешки дәстурханда ақыл-кеңес айтаман деп отыр... Бирақ аклық қызы, ақлық баласы роллтонға тойып алды, киши ақлық колбаса жеп отыр... Баласы қоңырау етти: -Апа! Ақлықларың менен қәлеген нәрсеңизди писирип жей бериңлер! Музлатқышта барлық нәрсе бар.... Жол бойы келиниңди алып "Жужа" ға барамыз қурдаслар менен..... Айсәнемниң ишинен бир муздай дирилдеу өткендей болды. Ериксиз музлатқышты ашты. Ишинде музлаған толы гөш, консерва өниминиң тури, колбасаның түри.... Айсәнем үх тартты: -Усыма баламның ауыл-ел, тууған-тууыс хауес ететуғын "уйи".... Мүмкин, бул неге бир "дәстурхан әтирапы" менен салыстырап өлшей береди екен? - деп ойларсыз бәлким, ақыры ата-бабамыздан бурыннан киятырған дәстүримиз бир дәстурхан әтирапында жыйылып тек ауқатланыу емес, уллы - уллы ислер, өнип-өстириуши ақыллы үгитлер, хәттеки мәмлекетлик ислерге идеяларда усы " кийели дәстурхан" әтирапынан шықпағанба? Өзим журттың баларарына үгит - тәрбия қылыппанда, өзи уй болды, әмелге еристи, алха деп көп исеним берип баламның шаңарағына итибарсыз қалыппан дә... -Енди қандай жол тутсам екен, қалай европаласып баратырған баламның шаңарағын" миллийлигимизге сай", шаңарақ қәлпине келтирсем екен.... Буншама не? - дерсиз бәлким, бирақ мениң мына көкирегим ашып атыр... Бир нәрсе айтыңлар маған....... Айсәнемниң ой-толғауларын аққа көширген. ЗУЛЬФИЯ ЖУМАНОВА. https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 1,160 |
| 3 h | 1,740 |
| 7 h | 2,380 |
- After 1 hour1,160
- After 6 hours2,380
- Total to date2,380
БЕРЕКЕТСИЗ ДӘСТУРХАН...(ба ямаса европаша шаңарақ) Айсәнемниң напақаға шығып жумысты қойғанына мине 4 ай болыпты. Бай-бай мынау не деген шаршау, не деген дем алыу... 35 жылдан аслам баслауыш класста сабақ берди. Өмир, тәшуиш, уй, жумыс.... Күнделикли "өмири мазмуны" усылардан ибарат болып жүгирип-жортқаны-мине, пенсияға шығыпта еки жыл ислепти. Еле де қартайып, халдан тайып баратырған жоқ..... Қолындағы кишкене келини де мине 1 жылдан берли жумыс излеп жур: Айсанем ойланды: дурыс бизди хешким напақаға шықтың, жумысты босат!деп атырған жоқ, ал сонда мына ЖОО питирген жасларғада обалды... деп директор менен сөйлесип,- келиним жаңа заманагөй кадр, мен напақаға шыға қояйын, келинимде баслауышты питирип еди, соны орныма жумыслы қылсаңыз! - дегенинде "яқ" демеди, сауға-сәлемин, жыллы пикирлерин айтып, путкил коллектив жыйналып "шығарып" салғалы демде 4 ай өтипти. Айсәнем қаладағы бөлек шыққан баласының уйине барып еки-уш хапте "дем алып" қайтсам!дегенинде қолындағы баласыда мақул дей ғойды... Базардан базарлықлар, ауылдан қолдан пискен майы, торағы, жийде-жемислери менен барды. Әсиресе баласы қатты қууанды... Баласы көп қабатлы уйдиң 5-этажында турады. Баласыда, келиниде мәмлекетлик хызметте ислейди. Улкен қыз ақлығы жеке меншик мектепте 8-класс, ул аклығы 5-класста,ал киши ул ақлығы 4 жас әлле қандай "қымбаат" бақшаға барады.. Айсәнем қыдырып барған күни бәри апақ-шапақ, ақлықларда әжесин айланшықлап мауқын басты. Азанда күнделикли өмир басланды. Айсәнем ерте таң намазын оқыды. Баласы турып, сыртта бираз жүгирип келди де өзине кофе демлеп ишип алды.Дәрриу саатына қарады, төменде шофёры күтип тур екен, анасы менен асығыс хошласты да жумысқа кетип қалды.... Қызық буны хаялы шығарып салмаймекен! - деп хайран қалып отырса, келини уйқыдан турды, олда өзине кофе демлеп, холодильниктен әлле қандай "аздырыушы печенье" ден бир данасы менен ишип алды да.... Енесине: -ене, холодильникте "Нестле" тур, қара чай демлеп ишкиңиз келсе, ише бериңиз, бизде хешким чайға хошы жоқлау, мен кеттим жумысқа, баллар оқыуға, занятиелерине кете береди, Ақылбекти жеке садиктиң машинасы алып кетеди, мен кеттим, - деп шофёрын шақырып жумысқа кетти. Айсәнем пәтиясын берип екеуинде гүзетти хәм чайларын қойды. Асығыс-үсигис еки улкен ақлығыда турды, Асанем қол сүти болмасада, қутылы суттен кара чай демлеп еди, ақлықлары чайга карамады да, қолдан писилген май, чай солай тур, ал қыз ақлыгы әлле кандай оралган патир устине колбаса, сыр майонезбе бир затлар косып печькага салып жиберип екеуиде кийиниуге кетти 15 минутлардан таяр болған пиццасын 4ке бөлди де үкесин оятты, инисине кемпир апасына берди. Апасы өзиниң пайын балларға бөлип берди. Оларда чай менен жумысы жок, кофе, әлле қандай ярым шийшели реңли суу менен азанғы аукатларын жеп бари "өтә" кетти. Айсәнем айнадан бираз көшени тамаша етти. Қайнап атырған өмир: зуу-зуу машиналар, кимиси бул жаққа, кимиси бул жаққа асығып баратырған көше толы адамлар..... Ал уйде тынышлық, зеригерли, тек дийуалдағы сааттың билинер-билинбес шықылдысы еситиледи. Дәстурханды жыйнады, әне жер, мына жерди жыйған болды. Түсликке келини, баласы келмейди екен, мектептеги ақлықларыда тустен кейин 4 лерде келди. Айсәнем музлатқыштан гөшти алып хәс турып солқылдатып гүртик писирейин, мына жумыстан қолы тиймей жүрген шығар келинниң, баламда хәз етип жер, ақлықларда жесин! - деп жең түринип кирисип кетти. Кеште болды. Бәри дастурхан басына келе қоймас екен. Хәрким өзи менен әуере... Қамырды да ийледи, келиниде хә дегенде шыға қоймаған соң қыз ақлығына қамырды жайыуды буйырды, ал ол болса хайран:-менбе, калай жаяман, билмейменғо и биз ондай ауқат жемеймизғо дейди. Соның арасында келини шықты. -Ене лучше буның сорпасын ишеғояйық, бизге қамыр ауқат вредно, балаңызға мумкин емес, холестерини асып кетеди, ал мен семирип кетиуим мүмкин, балалар ондай ауқат жемейди.... Айсәнем бир түрли болып қалды. Сонда да бир зуаласын жай, - ешдағы қылмайды! - деген соң нәйлаж жайып салды. Ауқат писти. Баласы кууанып:-ох гүртикти қандай сағындым деп дәстурхан басына отырды.
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 996 |
| 3 h | 1,520 |
| 7 h | 2,110 |
- After 1 hour996
- After 6 hours2,110
- Total to date2,110
#Хикмет# .... Мен дүньядағы "ең, ең гөззал" уш хаялды билемен: .... Бул мениң АНАМ.... .... АНАМның айнадағы жүзи, .....АНАМның саясы.... 🌹🌹Аналарды барында ҚӘДИРЛЕҢ!!!! 🌷🌷 https://t.me/ibratli_sozler
Open in TelegramViews growthHide views growth
Views growth
Hours after publication
Show as table
| Hours after publication | Views |
|---|---|
| 0 h | 0 |
| 1 h | 677 |
| 3 h | 1,640 |
| 4 h | 2,020 |
| 6 h | 2,300 |
- After 1 hour677
- After 6 hours2,300
- Total to date2,300