Бул күн
Әлем оянады түн уйқысынан,
Алыс көк жийекте атажақ бир таң,
Бүгинги күн ушын есик ашаман,
Қут болып келгейсеӊ, басланажақ күн!
Азанғы несийбе өмир усынған,
Дәстурханда күтер Сизди уллы нан,
Бәлки бул күниӊе жолдас ол саған,
Нурлатып толтырар кәлбиниӊ мүлкин.
Қутлы босағаӊнан басланған Ӯатан,
Ашады көп айдын жолларын саған,
Дүньяныӊ көркисеӊ әй, әзийз адам!
Данышпан Әжинияз сезимлери бул.
Ақ жаӯлықлы ана, ақ сақал ата,
Нәӯшедей жас қызлар, өспирим бала,
Ҳәмме асығады алдыға ғана,
Уллы үмити көп бүгиннен бәлким...
Ертеӊге қалмасын бүгинги жумыс,
Бүгинге жарасар нийетленген ис,
Кеште қуӯандырар Сиз күткен табыс,
Өз саӯғасы менен келеди ҳәр күн.
Қызыл нурын шашып көк жийегине,
Қуяш батыс бетте күлимлер, әне!
Нәӯбетин усынар түн пердесине,
Сизге ҳәмдәрт енди пайызлы бир түн
✍Алтынгүл Өтениязова
https://t.me/ibratli_sozler