😎ӨзЛиДеП жумысында жаңа басқыш: жаңа сиясий мақсетлер ҳәм тийкарғы ўазыйпаларға қарай
💬Бүгинги күнде Исбилерменлер ҳәрекети — Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының усы жыл декабрь айында өткерилиўи режелестирилген гезектеги Конгрессине таярлық жумыслары басланған. Төменги басқышларда республика бойлап жумыс алып барып атырған партия районлық кеңеслериниң конференциялары өткерилип, партияның алдағы жумысы, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жаңа сиясий Бағдарламасын ислеп шығыў бойынша усыныслар додаланбақта.
🔍Усы мақсетте Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң гезектеги конференциясы болып өтти.
Конференцияда партияның Республикалық Кеңеси, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги партия депутатлық топарларының ағзалары ҳәм конференция делегатлары қатнасты.
🔍Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов ҳүрметли мийман сыпатында қатнасты.
✈️Мәжилис күн тәртибинен партияның 2024-2026-жыллардағы жумысының нәтийжелерин додалаў, аймақлық партия шөлкемлериниң шөлкемлестириўшилик ҳәм сиясий жумысын жетилистириў, партияның жаңа Сиясий бағдарламасы жойбары бойынша усынысларды көрип шығыў, сондай-ақ, гезектеги Конгресске делегатлар сайлаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер орын алды.
Конференция жуўмағында билдирилген усыныс ҳәм басламалар партияның келеси жумысын жетилистириў және жаңа Сиясий бағдарламада белгиленетуғын тийкарғы ўазыйпаларды турмысқа енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
_____________
😎ЎзЛиДеП фаолиятида янги босқич: янги сиёсий мақсадлар ва устувор вазифалар сари
💬Бугунги кунда Тадбиркорлар ва ишбилармонлар ҳаракати — Ўзбекистон Либерал-демократик партиясининг жорий йил декабрь ойида ўтказилиши режалаштирилган навбатдаги Конгрессига тайёргарлик ишлари бошланган. Қуйи босқичларда республика бўйлаб фаолият юритаётган партия туман кенгашлари конференциялари ўтказилиб, партиянинг келгуси фаолияти, устувор вазифалари ва янги сиёсий Дастурини ишлаб чиқиш юзасидан таклифлар муҳокама қилинмоқда.
🔍Шу мақсадда Нукус шаҳридаги Оқ қуш мажмуасида партиянинг Қорақалпоғистон Республикаси Кенгашининг навбатдаги конференцияси бўлиб ўтди.
Конференцияда партиянинг Республика Кенгаши, туман ва шаҳар Кенгашлари вакиллари, Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси ва халқ депутатлари маҳаллий Кенгашларидаги партия депутатлик гуруҳлари аъзолари ҳамда конференция делегатлари иштирок этди.
🔍Шунингдек, Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев, Вазирлар Кенгашининг раиси Ф.Эрманов фахрий меҳмон сифатида иштирок этди.
✈️Мажлис кун тартибидан партиянинг 2024-2026 йиллардаги фаолияти натижаларини муҳокама қилиш, ҳудудий партия ташкилотларининг ташкилий ва сиёсий фаолиятини такомиллаштириш, партиянинг янги Сиёсий дастури лойиҳаси бўйича таклифларни кўриб чиқиш, шунингдек, навбатдаги Конгрессга делегатлар сайлаш каби муҳим масалалар ўрин олди.
Конференция якунида билдирилган таклиф ва ташаббуслар партиянинг келгуси фаолиятини такомиллаштириш ҳамда янги Сиёсий дастурда белгиланадиган устувор вазифаларни ҳаётга татбиқ этишда муҳим аҳамият касб этиши таъкидланди.
#uzlidep #konferensiya
📱Telegram |🌐Facebook | 📱 Instagram