2022. Университет. Наўрыз. Студентлер жатақханасы. Қара пакет ишиндеги кола ҳәм шоколад. Күлип турған көзлер.. Бир устазым айтып еди: бүгин өзиңше қайғы деп ойлағанларың, қәлбиңди қыйнап атырған сезимлер, әмелге аспаған қәлеўлериң, бәри шийрин елеслерге айланады - деп. Расында да, сол ўақытта көп нәрселердиң мен қәлегенимдей болмай атырғанына қыйналғаным ядымда. Бирақ, ҳәзир еслесем кеўлимде баяғы өкиниш емес, жағымлы бир жылыўлық. Аўа, сол ўақытта мен машқала деп ойлағанларым - бүгин шийрин елеслер, студентлик дәўиримниң шийрин елеслери.. Күлип турған көзлер ҳәм қара пакет ишиндеги кола менен шоколад🌼 @sen_haqqinda
Open in TelegramPosts of Теңиз хаққында баллада🌊
* Күтилген, күттирген қызық сәўбетлер. Кетип баратырмыз, жол толы адам, Мың жыллық ышқыңа бас иймеген – Мен! Ҳәм Сен – ҳижиранлардан қалған сол, аман. "Кеттик" деп баслайсаң таныс ресторан Киремиз. "Не жейсең?" официант күтер, "Лаваш" буйыраман, недур айтасаң, Бир демде алмалы шербетиң келер. Ауыр жумыс күни таўсылған бәлким Күлимлер жүзинде қалмағандай из, Ҳәмме бир-бирине уқсаған бунда Ҳәм де басқаларға уқсамаған биз. Сөйлесип отырмыз ояқ буяқтан, Недур айтыуымды кутесең ынтық Бир демде өмириме келдиң қаяқтан? Сени қайсы таңда таныдым, қызық? Кулкиңди көргенмен алдын қайерде Тынық көзлериңниң реңи таныстай. Куткен бахтым сен бе көрген тусимде?... Қарайман, жақынсаң және алыстай.. Әсте кеш киреди жасырылған гәплер "Бәлким айланармыз кешки Нөкисти?" Алға жылжымаған мунәсибетлер.. "Мейли, кейинги хәпте", "-демек келистик".. ** Нөкисте Наурыздан кейинги салқын, Қуяш кең қаланы қыздырып ҳәлек, Маған усы демде жүрекке жақын, Озжан Дениз айткан қосықлар керек.. Сарбиназ Айтмуратова Март.2022ж @sen_haqqinda⚘
Open in TelegramForwarded from Islam
Мухаббатқа шомылар Нөкис...🩵 Мухаббатқа шомылар Нөкис, Кеталмайман өзимнен қашып, Мине ышқы, мине мухаббат Бүгин барлық есиклер ашық. *** Әне, бири кетип баратыр, Қыз уялып, қарайды төмен. Шешип берер костюмын жигит, Шертиледи. Тыңлайман. Шопен. Оларға бахыт болады жамғыр, Сүйги сазын шертеди Моцарт. Күлимлеймен, исен тәңириме Ей шайырым, кеўилиңди тапсыр... Әтирап толы жақсы адамлар. Жуўыр! Ойна! Жаса! Күлебер! Алдағанлар алдасын, мейли, Сен пәклерше жақсы көребер. "Тентексең" деп жаўады жамғыр...☔️ Сарбиназ Айтмуратова @sen_haqqinda
Open in TelegramForwarded from Özbekiston Yozuvçilar uyuşmasi | Rasmiy
AMUDARYO QIZI Hey, o‘zgacha olam, Amuning qizi, Qo‘shiq kuylab, seni yod etgim keldi. Boshqa boyligim yo‘q. Qalamim, so‘zim... Bayramda tabriklab, shod etgim keldi. Diydoring eslatar Amu sohili, Bolalik. Toshloq yo‘l. Qumlar yodimda... To‘lqinlarga ko‘z-ko‘z qilib kokilin, Bir qiz chopib yurar mening yonimda. Qushlar bor, bulut bor, u emas yolg‘iz, Gulchambarlar taqib o‘ynaydi xushvaqt. Qara, odamlarsiz, mashinalarsiz, Sohilda yurgani – uning uchun baxt. Zeriksa, daraxtdan bir novda uzib, Qum yuziga surat chiza boshlaydi. Qara, tanidingmi, Amuning qizi, Shu qiz menga o‘xshar, senga o‘xshaydi. Qalbingni yoritsin muhabbat tongi, Gullardan poyondoz to‘shar bahoring. O‘qigan sevimli kitobingdagi Eng yaxshi qahramon bo‘ladi yoring. Muhabbat tilayman yomg‘irday toza, Ko‘nglingga tushmasin yolg‘onning izi. O‘ynab-kulib yasha, baxtiyor yasha, Umring nurli bo‘lsin, Amuning qizi! Sarvinoz Aytmurodova Qoraqalpoq tilidan Rustam Musurmon tarjimasi
Open in TelegramJadid uz gazetasında "Ámiwdiń qızı" qosıǵım ózbek tiline awdarmalanıp baspadan shıǵıptı. Raxmet!
Open in TelegramForwarded from Jadid.uz
✅ “Jadid” gazetasining 2026-yil 17-iyuldagi 29-soni bilan tanishing: 📱Elektron gazeta ✏️Iqbol MIRZO: GLOBAL DIPLOMATIYA, INDUSTRIAL YUKSALISH, IJTIMOIY ADOLAT VA INSONIYLIK ✏️Ibrohim ABDURAHMONOV: KO‘ZGA KO‘RINMAS XAVF YOXUD BUGUN DALADA QOLDIRGAN PLASTIGIMIZ ERTAGA DASTURXONIMIZGA QAYTISHI HAQIDA ✏️Sherzodxon QUDRATXO‘JA: IMTIHONDAN KEYINGI O‘YLAR ✏️Umida TESHABOYEVA: TURKIY DUNYO KUTUBXONALARI BIRLASHMOQDA ✏️Aftondil ERKINOV: PARIJDAGI MEROSIMIZ ✏️Jasmina ISROIL: ALEKSEY YEKIMOV – ZARRA DUNYOSINING ULKAN KASHSHOFI ✏️Ra’noxon VOHIDOVA: BIR OILA TARIXI ✏️Sarvinoz AYTMURATOVA: AMUDARYO QIZI ✏️Baxtiyor NURIDDIN: BULBUL SUKUTI ✏️Sanobar TO‘LAGANOVA: “ATTANG, SHUNISI CHAKKI...” ✏️Rustambek SHAMSUTDINOV: MEHNATGA TUHMAT ✏️Ozod MELIBOYEV: DO‘STLIK ANJUMANI ✏️Dilnavoz ALIBAYEVA: GʻAROYIB SIR ✏️Bobomurod RAHMATULLAYEV: EVRILISH ✏️Ma’mura ZOHIDOVA: ALIFBOMIZ ISLOHGA MUHTOJMIDI? ✏️Nigina ISKANDAROVA: TAJRIBA MAHSULI Кирилл алифбосида: 👉 @jadid_rasmiy Tilda, fikrda, ishda birlik! Jadid.uz | Telegram | Facebook | Instagram | YouTube
Open in Telegram🎥 #Maxsus_reportaj | O'zbekiston 24 | 09.07.2026 📍 Respublika yosh ijodkorlarining Zomin seminari 🖋 Zomin seminari — Yakuniy kun Bir necha kun davom etgan ilhom, izlanish va ijodiy muloqotlarga boy seminar o‘z yakuniga yetdi. Mahorat darslari, adabiy uchrashuvlar, samimiy suhbatlar va yosh iste’dodlarning ijodiy izlanishlari ushbu maxsus reportajda jamlangan. 🎬 Zomin seminari rasman yakunlandi. 📺 Batafsil — maxsus reportajda! 🔗 https://t.me/alisherzoidov
Open in Telegram🎥 Jizzax telekanali | Maxsus reportaj | Zomin 📚 Istedodli shoira Sarbinaz Aytmuratova bilan suhbat. 🎙 Alisher Zoidov bilan… 📲 Batafsil: https://t.me/alisherzoidov
Open in Telegram⛰️ Jaqında ǵana Jas dóretiwshilerdiń ZOMIN seminarına qatnasıp qayttım. 😇🌼Ájayıp hám umıtılmas elesler ushın Raxmet! Zamin diyarı! @sen_haqqinda
Open in TelegramМухаббатқа шомылар Нөкис...🩵 Мухаббатқа шомылар Нөкис, Кеталмайман өзимнен қашып, Мине ышқы, мине мухаббат Бүгин барлық есиклер ашық. *** Әне, бири кетип баратыр, Қыз уялып, қарайды төмен. Шешип берер костюмын жигит, Шертиледи. Тыңлайман. Шопен. Оларға бахыт болады жамғыр, Сүйги сазын шертеди Моцарт. Күлимлеймен, исен тәңириме Ей шайырым, кеўилиңди тапсыр... Әтирап толы жақсы адамлар. Жуўыр! Ойна! Жаса! Күлебер! Алдағанлар алдасын, мейли, Сен пәклерше жақсы көребер. "Тентексең" деп жаўады жамғыр...☔️ Сарбиназ Айтмуратова @sen_haqqinda
Open in TelegramForwarded from Сарбиназ Айтмуратова
Мына аккаунт жазса жазып журмең! Скреншот етип алың! Суйтип оны блоклаң! Бул мениң аккаунтым емес! Биреу ашып алған мениң атымнан кирип қарыз сорап атырған!!!
Open in TelegramForwarded from "Жаратылыс"
Гитар шертиледи, серенадалар, Себеп бүгин — Он төртинши февраль. Бир-бирине саўға таңлап базарда, Олар қослас емес, жүрген машықлар. Сулыў липас кийген Сулыў ашықлар... Шын ашықлар бирге, отыр дәмесиз... Оған байрам емес, байрамы оның— Баласы бес алса, қостары айлық. Тойға уласады барлығы бүгин. Февраль қосылмаған ашықтың күни, Пинҳәми сезимлер...бәри жасырын... Ерли-зайып үшын байрам бүл өмир. Татлы болар ҳәтте ғайғы, дәрти, муң. Бул өмирде гитар шертилмей қойған, Дәркәр емес оған серенадалар. Писирипсең, жаным мазалы тағам, Деп айтылса, демек, Ол Сүйикли ҳаял. Айгүл Қосымбетова @sheginisten
Open in Telegram📷Бул фотосүўретлерди азан менен папам жиберипти. Ең қызығы, жумыс, үй, жуўыр-жуўырлар менен болып ҳәтте усы қар жаўғанында сүўретке де түспеппен. Ҳәзир қар жаўса алдынғыдай қуўаныў, биринши қар менен басқаларды қутлықлаў, тәбияттың усы гөззал көринисинен фотоестеликлерди жыйнаў ҳаққында емес, турмыс машқалалары ҳаққында ойлайтуғын болыппыз. Яки үлкейгенимиз усыма, билмедим. Кеўлимде әллеқандай сағыныш. Аўылымды, өзим үлкейген усы үйимди, балалығымды... 1, 2, 4-класс ўақытларым. Қар жаўса болды далаға шығып иним менен қарбаба соғар едик, бунда қар домалақлары соншелли үлкен болып кеткенинен көтере алмағанымыз, ҳәм ҳәрдайымғыдай қаржаўғанында қар тазалап жүрип қарбаба соғыўға жәрдемлесетуғын папам, есик алдында болса “аязлап қаласызғо” деп төсеклерди қарға жайып атырған анам... Фотоларды көрип азан менен усыларды еследим. Мүмкин, папам да сол ўақытларды сағынған шығар. Өмиримиздиң өтиўи-я. Сағыныш. Әллеқандай жағымлы сағыныш. Бахытлы балалық елеслери ушын рахмет, ПАПА❤️. Сени жақсы көремен❤️ @sen_haqqinda❄️
Open in TelegramГулжамол Асқаровадан “…ва менинг севгимга чўмилиб эмас, Қоғозлар ичига кўмилиб яша!” @sen_haqqinda✨
Open in Telegram“Кеўил лирасы” көрсетиўиниң жаңа жыл санында мийманда болдық. Ажайып жаңа жыл нострениеси ушын көрсетиуди таярлаған Телевидение жәмәәтине, достымыз Базарбай Жолдасбаевқа рахмет! Бәршеге Жаңа жыл қутлы болсын🎄❤️
Open in Telegram