Account

Posts of Қарақалпақ Рус тилинде

newest first

#4516Photo

Forwarded from Қарақалпақ LIVE

Қарақалпақстан жылдың ең перспективалы туристлик дестинациясы сыпатында тән алынды Ташкент қаласындағы CAEx көргизбелер комплексинде «Жипек жолында туризм» 31-Ташкент халықаралық туризм ярмаркасы — «TITF–2026» өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы туризм тараўы ўәкиллери де белсене қатнасты. Халықаралық ярмарка шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының көргизбе павильонында аймақтың бай мәдений мийрасы, миллий дәстүрлери, көркем өнери менен туристлик потенциалы көрсетилди ҳәм павильонға келиўшилерде үлкен қызығыўшылық оятты. Ярмаркада Қарақалпақстаннан 30 жергиликли исбилермен қатнасып, туризмниң түрли бағдарларында сырт елли шериклер менен сөйлесиўлер алып барды. Ушырасыўлар жуўмағында 78 бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды.  ✅Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы

Open in Telegram
Views383−36%vs avg
Forwards—
Reactions—
Comments—
#4515Photo
Views485−19%vs avg
Forwards—
Reactions—
Comments—
#4514Photo

Forwarded from Қарақалпақ LIVE

❌ «TikTok жаслардың мийин өлтиреди» — Қазақстан президенти Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев «TikTok»ты жаслар ушын зыянлы платформа деп айтып өтти. Ол бул пикирин 26-ноябрь күни Москвада өткерилген AI Journey 2026 конференциясынан соң жас жасалма интеллект тараўындағы қәнигелер менен ушырасыўда билдирди. «Бүгин ҳәмме смартфондан пайдаланады. Бирақ көпшилик оны тек ғана қоңыраў етиў, жазысыў, фильм көриў ҳәм TikTok ушын керек деп ойлайды. TikTok болса инсанның, әсиресе, жаслардың мийин өлтириўши қорқынышлы нәрсе», — деди Тоқаев. Президенттиң пикиринше, адамларға интернеттен тек ғана кеўил ашар мақсетлерде емес, ал дәрамат табыў ушын да пайдаланыўды үйретиў керек. Оның айтыўынша, интернет бар болса, ҳәттеки аўылда жасаўшылар да смартфон арқалы пул таба алады. ✅Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!

Open in Telegram
Views453−24%vs avg
Forwards—
Reactions—
Comments—
#4513Text
Views514−14%vs avg
Forwards—
Reactions5
Comments—
#4509Photo
Views642+8%vs avg
Forwards—
Reactions—
Comments—
#4508Photo
Views512−14%vs avg
Forwards—
Reactions—
Comments—
#4500Text

Forwarded from Қарақалпақ LIVE

Организмимиз гейде ден саўлығымыздағы өзгерислер ҳаққында сигнал береди. Оларды итибарсыз қалдырмаң! 1️⃣ Турақлы шөллеў — қанда қант муғдары асқанлығынан дерек бериўи мүмкин. 2️⃣ Тез-тез шаршаў — уйқы жетиспеўшилиги яки кемқанлық пенен байланыслы болыўы мүмкин. 3️⃣ Тез-тез бас айланыўы — қан басымы ямаса басқа машқалалар белгиси болыўы мүмкин. 4️⃣ Аяқ-қоллардың тез-тез уйыўы — нерв яки қан айланыўы менен байланыслы болыўы мүмкин. 5️⃣ Түнде тез-тез ояныў — уйқы тәртиби яки денсаўлық пенен байланыслы машқалалардан болыўы мүмкин. 6️⃣ Турақлы аўыз қурғақлығы — суўсызланыў яки басқа жағдайлар белгиси болыўы мүмкин. 7️⃣ Себепсиз азыў — әлбетте шыпакер көригин талап етеди. ⚠️ Еслетпе: Бул белгилердиң өзи белгили бир кеселликти аңлатпайды. Олар қайталанса ямаса күшейсе, шыпакерге хабарласың. ❤️ Денсаўлық — ең үлкен байлық! Жақынларыңызға да бөлисиң. ✅Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!

Open in Telegram
Views587−2%vs avg
Forwards—
Reactions—
Comments—