⚡️Өзбекстанда 2027-жыл — халық дәраматын арттырыў ушын «айрықша режимде ислеў жылы»
✅ Президент Шавкат Мирзиёевтиң 25-ноябрьдеги мәжилисинде 2027-жыл халықтың дәраматын арттырыў ушын айрықша режимде ислеў жылы деп жәрияланды.
☑ Қандай нәтийжелерге ерисилди?
➖Соңғы жыллары 11,5 миллион адам кәмбағаллықтан шығарылды.
➖2026-жылдың тоғыз айында кәмбағаллық дәрежеси 5,8%тен 3,6%ке шекем төменледи.
➖Жумыссызлық дәрежеси 4%тен төменге түсиўи күтилмекте.
🎯 Быйылғы режеси: кәмбағаллықты толық жоқ етиў
✔️Жыл ақырына шекем кәмбағаллық дәрежесин 3%тен төменге түсириў.
✔️Жыл ақырында абсолют кәмбағаллыққа толық шек қойыў.
✔️Ўәлаят ҳәм районларда арнаўлы штаблар дүзилди.
✔️Тек 2026-жылдың төртинши шерегинде бул бағдарға 3 триллион сумнан аслам қаржы ажыратылды.
📈 Алдағы мақсетлер
✔️10 жылда жан басына дәраматты 5 мың доллардан 10 мың долларға жеткериў, яғный еки есе арттырыў.
✔️2030-жылға шекем орта класс үлесин 90%ке жеткериў.
✔️Микро, киши ҳәм орта бизнестиң бәнтликтеги үлесин 75%тен 80%ке көтериў.
✔️Ўәлаятларда улыўма баҳасы 81 триллион сум болған 1000 жойбарды әмелге асырып, 320 мың жумыс орнын жаратыў.
✔️Махаллелердиң қәнигелесиўи тийкарында кооперацияны раўажландырыў, үй қасындағы ҳәм ижараға алынған жерлерде жоқары дәраматлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў.
✔️Микро кәрханалардың киши бизнеске, кишилердиң орта бизнеске, ортаның ири бизнеске өтиўи ҳәм экспортқа шығыўы ушын шараят жаратыў.
https://t.me/maman_advokat