Telegram’да хабарларды даўыс арқалы текстке айландырыў имканияты қосылды Мессенджер Android ҳәм iOS ушын рәсмий сайтында жәрияланбаған 13.3 версиясын шығарды. Telegram Premium’да аудиохабар жазыў ўақтында сөзди текстке айландырыў, оны редакторлаў ҳәм AI жәрдеминде қайта жазыў имканияты қосылды. Сондай-ақ, группалық қоңыраў ҳәм видеобайланысларда сөзди автомат түрде танып, экранда субтитр көринисинде көрсетиў имканияты қосылды. «Жанлы субтитрлер» Premium абонентлерине усыныс етилген, бирақ еки адамлық шифрланған қоңыраўларда ислемейди. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in TelegramPosts of KRuz.uz |Рәсмий канал
Турақ жай сатып алыўдан алдын қурылыс ҳүжжетлерин Бирден-бир портал арқалы бийпул тексериў мүмкин Жаңа хызмет көп қабатлы турақ жайлар, жеке тәртиптеги турақ жайлар, мәденият, көркем өнер ҳәм туризм сыяқлы 30 дан аслам бағдардағы объектлерди қамтып алады. Объекттиң нызамлылығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди жүклеп алыў имканияты да бар. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in TelegramӨзбекстанда сырт ел армияларында хызмет еткенлик ушын жаза өзгериўи мүмкин Олий Мажлис Нызамшылық палатасы сырт ел армиясы ҳәм күш структураларында хызмет еткенлик ушын жынайый жуўапкершиликти өзгертиўге байланыслы нызам жойбарын екинши оқыўда қабыл етти. Жойбар Жынаят кодексиниң 1541-статьясына өзгерис киргизиўди нәзерде тутады. Ҳәзирше жаңа жаза илажлары қандай болатуғыны мәлим етилмеген. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram🔥 SARIQ HAFTA: 5 kun davomida 80% gacha chegirmalar! 26–30-noyabr kunlari Texnomart do‘konlarida KO‘Z TEGMASIN narxlar bilan SARIQ HAFTA aksiyasi bo‘lib o‘tadi. Besh kun davomida turli mahsulot toifalariga 80% gacha chegirmalar taqdim etiladi. Aksiya doirasidagi mahsulotlar assortimenti har kuni yangilanib boradi. 26-noyabr kuni aksiya doirasida quyidagi mahsulotlar taklif etiladi: • Samsung VC15K4136HB/EV changyutgichi — 2 399 000 so‘m o‘rniga 479 000 so‘m (−80%) • OPPO A3 6/128GB Sparkle Black smartfoni — 3 299 000 so‘m o‘rniga 1 319 000 so‘m (−60%) • LG 50NU900B6LA Smart televizori — 8 699 000 so‘m o‘rniga 2 999 000 so‘m (−66%) Ko‘rsatilgan narxlar faqat 26-noyabr kuni amal qiladi. Aksiya haqida batafsil 📞71-209-99-44 Telegram | Manzillar | Onlayn chat | Sayt
Open in Telegram❗️Ипотека субсидиясы ушын арзаларды қабыллаў 25-ноябрь күни саат 10:00 де басланады Бурын усынылған субсидия хабарнамаларының пайдаланылмаған бөлеги есабынан арзаларды қабыл етиў басланбақта. Субсидия алыў ушын арза бериўши төмендеги талапларға жуўап бериўи керек: ➖ социаллық критериялар бойынша кеминде 30 балл топлаў; ➖ кредит тарийхы бағдарламада қатнасып атырған 15 банктен кеминде биреўиниң талапларына сәйкес келиўи; ➖ өзиниң ҳәм өмирлик жолдасының атында республика аймағында мүлк ҳуқықы тийкарындағы турақ жай болмаўы; ➖ орташа айлық дәраматы белгиленген критериялар шеңберинде болыўы. Арзаларды Мәмлекетлик хызметлер орайлары, MyGov мобиль қосымшасы ямаса my.gov uz порталы (https://my.gov.uz/uz/service/325) арқалы тапсырыў мүмкин. Әҳмийетли: арза тапсырыўда OneID системасы арқалы банклерге кредит тарийхын үйрениў ушын тийисли мағлыўматлардан пайдаланыўға рухсат берилген болыўы және кредит тарийхын алыўға шеклеў орнатылмаған болыўы керек. Болмаса, арза бийкар етиледи. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram🇺🇿⚡️Туризм соҳасидаги тадбиркорлар билан қизғин очиқ мулоқот ўтказилмоқда. Айни пайтда Hilton меҳмонхонасида Бош вазир ўринбосари Жамшид Хўжаев, Туризм қўмитаси раиси Абдулазиз Аққулов ва Савдо-саноат палатаси раиси Даврон Ваҳобов тадбиркорлар билан учрашмоқда. Мулоқотда Паркент туманидаги туризм объектлари мисолида йирик лойиҳаларни амалга ошириш масалалари муҳокама қилинмоқда. 🔴Мулоқотни барча ҳудудлардан жонли кузатиш мумкин: https://www.youtube.com/live/wkynQSuo1gs?si=DWORBXhjgtgYqrWV
Open in TelegramТАЙЫНЛАЎ Шамуратов Мийрас Тайыр улы — Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды. Ол тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық секторының бас қәнигеси лаўазымында ислеп келген. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram❗️ Студентлер ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден басланыўы мүмкин ⚡️Айтыўларына қарағанда, студентлер ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден басланып, 10-январьға шекем даўам етеди. Дем алыс жәми 14 күн даўам етиўи күтилмекте. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram«Қарақалпақфильм» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестириледи Президент пәрманына бола, кинематография тараўына заманагөй басқарыў модели енгизиледи. Сондай-ақ, Мәденият министрлиги системасында «Өзбекфилм» миллий кинокомпаниясы (Миллий кинокомпания) және «Қарақалпақфильм» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестириледи. Буннан тысқары, Кинотаныўшылар клубы ҳәм Өзбекстан кино тараўы ўәкиллери палатасы шөлкемлестириледи. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram❗️ Әлипбениң өзгериўи нақ пулларды алмастырыўды талап етпейди Социаллық тармақларда әлипбе өзгериўи мүнәсибети менен қолдағы пулларды да алмастырыў керек пе, деген сораў пайда болды. Орайлық банк бул сораўға анық жуўап берди: яқ, нақ пулларды алмастырыў талап етилмейди. Демек, әлипбедеги өзгерис айланыстағы банкнотлардан пайдаланыўға тәсир етпейди. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in TelegramInstagram’да жәрияланған stories’лерди редакторлаў имканияты пайда болды Instagram социаллық тармағында жәрияланған stories’лерди 15 минут ишинде редакторлаў имканияты енгизилди. Бул ҳаққында платформа басшысы Адам Моссери мәлим етти. Жаңа функция арқалы stories’теги текст, музыка, стикерлер ҳәм сызылған элементлерди өзгертиў мүмкин. Бунда алдынғы көриўлер саны, лайклар ҳәм жуўаплар сақланып қалады. Бурынлары қәтелерди дүзетиў ушын stories’ти өширип, қайта жайластырыў талап етилетуғын еди. Сондай-ақ, Instagram stories ушын жаңа шрифтлер, стикерлер, реңлер, градиент ҳәм гүңгиртленген фонларды қосты. Бир неше сүўретти таңлаў процеси де әпиўайыластырылды. Жаңа имканиятлар пайдаланыўшыларға басқышпа-басқыш усынылмақта. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in TelegramӨзбекстанда студентлер енди Gemini’ден 1 жыл бийпул пайдаланыўы мүмкин Билимлендириў ҳәм илим министрлигиниң мағлыўматына бола, буның ушын төмендегилерди орынлаў керек: ➖ HEMIS мобиль қосымшасынан студентлик гүўалығы ҳәм оқыў орнынан мағлыўматнаманы жүклеп алыў; ➖ Gemini қосымшасында студентлер ушын арнаўлы усынысты таңлаң; ➖ керекли мағлыўматларды киргизип, ҳүжжетлерди жибериў; ➖ арза тастыйықланғаннан соң, жазылыўды жеделлестириў. Соннан кейин Gemini AI’дың төлемли имканиятларынан 1 жыл даўамында бийпул пайдаланыў мүмкин болады. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in TelegramНөкистеги «Жаңа базар» МПЖға қосымша автобуслар ажыратылды Нөкис қаласындағы «Жаңа базар» МПЖға қатнайтуғын 62-санлы маршрутлар санының азлығы себепли қосымша 4 автобус қатнаўы жолға қойылды. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram⛽ Нөкистеги метан «заправка»лар нешеден-нешеге шекем ислейди? Бул ҳаққыңда жоқарыдағы сүўрет арқалы мағлыўмат алсаңыз болады. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram⛽ Тақыятас ҳәм Тахтакөпирдеги метан «заправка»лар нешеден-нешеге шекем ислейди? Бул ҳаққыңда жоқарыдағы сүўрет арқалы мағлыўмат алсаңыз болады. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram⛽ Нөкис районындағы метан «заправка»лар нешеден-нешеге шекем ислейди? Бул ҳаққыңда жоқарыдағы сүўрет арқалы мағлыўмат алсаңыз болады. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram⛽ Шымбайдағы метан «заправка»лар нешеден-нешеге шекем ислейди? Бул ҳаққыңда жоқарыдағы сүўрет арқалы мағлыўмат алсаңыз болады. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram⛽ Кегейли ҳәм Қараөзектеги метан «заправка»лар нешеден-нешеге шекем ислейди? Бул ҳаққыңда жоқарыдағы сүўрет арқалы мағлыўмат алсаңыз болады. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram⛽ Қоңырат ҳәм Мойнақтағы метан «заправка»лар нешеден-нешеге шекем ислейди? Бул ҳаққыңда жоқарыдағы сүўрет арқалы мағлыўмат алсаңыз болады. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram⛽ Қанлыкөлдеги метан «заправка»лар нешеден-нешеге шекем ислейди? Бул ҳаққыңда жоқарыдағы сүўрет арқалы мағлыўмат алсаңыз болады. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram⛽ Шоманайдағы метан «заправка»лар нешеден-нешеге шекем ислейди? Бул ҳаққыңда жоқарыдағы сүўрет арқалы мағлыўмат алсаңыз болады. ✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Open in Telegram