Account

Posts of Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

newest first

#6401Text

После Левуниона печенеги как военная и политическая сила перестали существовать в причерноморских степях. Что осталось от печенегов? Часть уцелевших родов переселилась в Венгрию, где печенежские отряды несли пограничную службу вплоть до второй половины XIII века. Историк Петер Голден рассматривал печенегов как одно из звеньев в цепи тюркских кочевых народов, сменявших друг друга в понтийских степях, от огузов до половцев и золотоордынских кыпчаков. Некоторые исследователи называют отдалёнными потомками печенегов гагаузов и часть крымских татар, хотя прямых лингвистических доказательств такой преемственности сохранилось немного. Печенежский язык почти не оставил письменных следов, кроме нескольких слов в трактате Константина Багрянородного и разрозненных имён племенных вождей в летописях соседей. @Кочевники_великой_ степи t.me/kketnografiya

Open in Telegram
Views698+18%vs avg
Forwards—
Reactions11
Comments—
#6400Text

Кто такие печенеги: как они дошли от Сырдарьи до Европы Печенеги начинали свой путь как один из союзов тюркских племён Приаралья, а закончили его под стенами Константинополя. Между этими точками легли века войн, военных союзов и вынужденных переселений, из-за которых кочевники прошли эту дорогу в несколько тысяч километров. По дороге они успели разгромить дружину киевского князя Святослава и едва не взяли столицу Византийской империи. Автор: Динмухамед Бейсембаев *** Что связывало печенегов с землями у Сырдарьи? Самоназвание народа звучало примерно как Бäчäнäк, и уже в источниках соседей оно превратилось в несколько вариантов. Византийцы называли их пацинаками, арабы − бажнак, а на Руси закрепилась форма «печенег». Историк С.А. Плетнёва связывала это имя с тюркским словом Бече, предполагаемым именем вождя, вокруг которого сложился племенной союз. Говорили печенеги на тюркском языке и, по мнению большинства исследователей, сформировались как отдельный народ в VII-VIII веках. Уже тогда они кочевали в бассейне Сырдарьи и в Приаралье, на территориях будущего Казахстана. Йозеф Маркварт первым сопоставил этноним «кангар» с названием низовий Сырдарьи, которую в древности именовали Канг. Гипотезу поддержали В.В. Бартольд и А.М. Щербак. Позже С.Г. Кляшторный уточнил, что «река Канг» могла обозначать оазисы среднего течения Сырдарьи, где кочевали печенежские и огузские роды. Кангарами изначально называли лишь часть печенежского объединения, но постепенно это имя срослось со всем народом. Историк Болат Кумеков, изучавший государство кимаков по арабским источникам, показал, что кангарские племена населяли степи от Урала до Иртыша и попали в зависимость от кимакского и огузского объединений. *** Почему печенеги ушли на запад? Соседи потеснили печенегов раньше, чем они успели закрепиться на востоке. Историк Я.В. Пилипчук связывает их вытеснение с усилением огузов и кимаков, чьи государства оформились около 840 года по расчётам С.Г. Кляшторного. Небольшая часть западных кангаров сохранила самостоятельность, но большинство родов снялось с места. Их кочевье растянулось на тысячи километров. К концу IX века печенеги перешли Итиль (Волгу), вытеснили из причерноморских степей мадьяров (в русской историографии − венгров) и заняли пространство от Дона до Дуная. Как печенеги столкнулись со Святославом? В 968 году печенеги осадили Киев, пока князь Святослав вёл войну на Балканах, и город спасла только подошедшая дружина воеводы Претича. Арабский автор ибн Хаукаль незадолго до этого называл кочевников союзниками Руси, но союз оказался недолгим. В 970 году печенежский отряд сражался на стороне Святослава против Византии в битве при Аркадиополе и погиб там в засаде на правом фланге войска. Весной следующего года у днепровских порогов печенеги во главе с ханом Курей перебили дружину самого Святослава, возвращавшуюся из похода с добычей. По одной из версий летописи, о движении русского войска печенегам донесли жители разорённого Святославом Преславца. Как складывались отношения с Византией? Империя вела с печенегами двойную игру. То платила им за спокойствие на границах, то натравливала на Русь, то принимала кочевников на службу федератами вдоль Дуная. После разгрома византийской армии турками-сельджуками при Манцикерте держава ослабла, и печенеги, прежде связанные с ней договорами, начали действовать самостоятельно. Они вошли в союз с эмиром Смирны Чакой, чей флот угрожал Константинополю с моря. Печенеги опустошили Фракию и Мизию и подошли к крепости Левунион на подступах к столице империи. *** Чем закончился поход на Константинополь? 29 апреля 1091 года у горы Левунион объединённое войско Византии и половцев атаковало печенежский лагерь на рассвете, застав кочевников врасплох. Печенегов, вместе с семьями и обозами, насчитывалось около сорока тысяч человек. По словам дочери императора Анны Комниной, битва обернулась резнёй, в которой греки и половцы не щадили ни воинов, ни их близких. Именно половцы, по её свидетельству, торопили императора Алексея начать сражение и не тянуть с расправой над бывшими союзниками.

Open in Telegram
Views569−4%vs avg
Forwards—
Reactions4
Comments—
#6398Link preview

Демек, суў жолларының атамалары аймақтың тарийхын, халықтың жайласыўын ҳәм жергиликли басшылардың хызметин үйрениўде әҳмийетли дерек болып табылады. Солай етип, Аманқул арнасы ҳаққындағы мағлыўматлар Тақыятас аймағында суўғарыў жумысларының ерте дәўирлерден-ақ жолға қойылғанлығын ҳәм бул жумыслардың жергиликли басшылардың басшылығында әмелге асырылғанлығын көрсетеди. Аманқул бийдиң хызмети тек арна қазыў менен шекленбеген. Тарийхый мағлыўматларға қарағанда оның арғы бабалары Ақ Қабақ бий болып ел басқарып киятырған бийлердиң аўлады болып есапланады. Ал, XVIII әсирде кенегеслерге Өмир Аманқул бий басшылық етип, ҳәкимлик еткен. Ол өз дәўиринде жергиликли халықтың турмысын шөлкемлестириўге, суўдан пайдаланыўға ҳәм жаңа қоныслардың қәлиплесиўине қатнасқан басшылардың бири болған. Сондай-ақ, Өмир Аманқул бийдиң аты Сүўенли каналының тарийхы менен де байланыслы. Хожели орталығынан өтетуғын Сүўенли каналының Тақыятастан басланатуғын сағасын қазыў жумысларына оның басшылық еткенлиги ҳаққында мағлыўматлар бар. Бул дерек Тақыятас аймағының Хожели түслигиндеги суўғарыў тармақлары менен тығыз байланыста болғанлығын аңлатады. Сүўенли каналының сағасын қазыў жергиликли халықтың дийханшылық ушын суўға болған мүтәжлигин тәмийинлеўде әҳмийетли қәдәм болған. Каналлар ҳәм арналар арқалы суўды жаңа жерлерге жеткериў егин егилетуғын майданларды кеңейтиўге, аўыллардың турақлы жасаўына ҳәм халықтың күнделикли турмысының жақсыланыўына жәрдем берген. Өмир Аманқул бийдиң бул жумысларға қатнасыўы оның аймақтағы жер-суў қатнасларын тәртипке салыўда белгили орын тутқанлығын көрсетеди. Тарийхый мағлыўматларда Өмир Аманқул бийдиң Тақыятасқа келип жасағысы келген түркменлерге жер ҳәм суў бөлип бергенлиги де атап өтиледи. Бул мағлыўмат аймақтағы қонысласыў барысларын ҳәм жергиликли басшылардың халықтың жайласыўына қатнасын үйрениў ушын әҳмийетли. Өткен дәўирлерде жаңа жерлерге қонысласыў тек турақ жай салыў менен шекленбеген. Халықтың егин егиўи, мал бағыўы ҳәм күн көриўи ушын жер ҳәм суўдың болыўы зәрүр болған. Сол себепли жер ҳәм суў бөлип бериў аймақтың халық санына, шарўашылық турмысына ҳәм қоныслардың раўажланыўына тәсир еткен. Өмир Аманқул бийдиң түркменлерге жер ҳәм суў бөлип бериўи Тақыятас аймағында түрли халықлардың қонысласыўына ҳәм шарўашылық тараўының раўажланыўына шараят жаратқан. Тарийхый дереклерде, атап айтқанда «Сборник географических, топографических и статистических материалов по Азии» (Выпуск IХ.СПб. 1884, стр. 20) басылымында Аманқул жери Гөне-Үргениш пенен Булдымсаз аралығында жайласқанлығы ҳаққында да мағлыўмат бар. Соның менен бирге, «Каракалпаки в низовьях Амударьи ХVI-ХVIII в.в.» (Нөкис, 1996 ж., 47-бет) атлы илимий мийнетте де кенегеслердиң жайласыўы ҳәм Аманқул аты менен байланыслы жерлер ҳаққында әҳмийетли мағлыўматлар берилген. Жуўмақлап айтқанда, жоқарыда келтирилген тарийхый мағлыўматлар Тақыятас аймағында кенегеслердиң жайласыўы, Әмиўдәрьядан суў апарыў ҳәм суўғарыў тармақларының раўажланыўы менен тығыз байланыслы екенлигинен дерек береди ҳәм аймақтың социал-экономикалық тарийхын үйрениўде тийкарғы дәрек болып хызмет етеди. Таярлаған: Марина Абдуллаева t.me/kketnografiya

Open in Telegram
Views1,060+79%vs avg
Forwards—
Reactions7
Comments—
#6397Text

Тақыятас қаласының тарийхында кенегеслер ҳәм Аманқул бийдиң тутқан орны Тақыятас қаласының тарийхында кенегеслер ҳәм Аманқул бийдиң тутқан орны Қарақалпақстанның тарийхый-географиялық раўажланыўында Әмиўдәрьяның төменги ағымындағы жерлердиң өзине тән айрықша орны бар. Бул аймақ халықларының жайласыўы, дийханшылық пенен шуғылланыўы ҳәм отырықшы аўыллардың қәлиплесиўи, ең алды менен, дәрья суўынан пайдаланыў ҳәм суўғарыў тармақларының раўажланыўы менен тығыз байланыслы болған. Ҳәзирги Тақыятас қаласы жайласқан аймақ та өткен дәўирлерде халық жасаған, жер ҳәм суўдан пайдаланыў жолға қойылған тарийхый орынлардың бири есапланады. Тарийхый дереклерде бул жерде кенегеслердиң жасағанлығы, олардың басшыларының Әмиўдәрьядан арна қазыўға ҳәм суўды егин егилетуғын жерлерге жеткериўге қатнасқанлығы ҳаққында мағлыўматлар ушырасады. Бул мағлыўматлар Тақыятас аймағының тек кейинги дәўирлерде қәлиплескен орын емес, ал суўғарыў мәденияты менен байланыслы ертеден-ақ белгили болған аймақ екенлигин көрсетеди. Белгили тарийхшы Я.Ғулямовтың «История орошения Хорезма» атлы фундаментал мийнетинде келтирилген мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги Тақыятас қаласы жайласқан орында XVIII әсирдиң ақырларына қарай кенегеслер жасаған ҳәм кейин ала да бул аймақ кенегеслердиң турақлы аўылы болған. Үлкен кенегес аўылының ортасынан ҳәзирги «Кенегес» жап ағып өткенлиги халықтың күнделикли турмысында суў дереклериниң әҳмийети қәншелли жоқары болғанлығын аңлатады. Әмиўдәрьяға жақын жайласқанлықтан, дәрьядан суў шығарыў ҳәм оны аўылға, егинлерге жеткериў мәселеси жергиликли халықтың турмысында үлкен әҳмийетке ийе болған. XVIII әсирдиң 60-жыллары Хийўа ханлығының тарийхы - бир жағынан түркмен феодаллары басқарған, екинши жағынан араллылар басқарған феодаллық группировкалардың кескинлескен гүреси менен толы болды. Феодаллардың үзликсиз алып барған әскерий атланыслары халықты аўыл хожалық жумыслары менен шуғылланыўға мүмкиншилик бермеди; егис майданлары қысқарды, ирригация тармақлары қараўсыз қалғанлықтан батыл болыўға айланды. Хорезмде ашлық, дийўанашылық ҳәм тырысқақ ен жайды. Мунис былай деп жазды: "Көплеген қалалар менен аўыллардың тек орны қалды. Аўыллар турған, егислик болған жерлерди шеңгел ҳәм тикенекли тоғайлар басып кетти... Ашлықтың зардабы өткени соншелли, адамларға ийттиң ҳәм ешектиң етин жеўге де рухсат етилди". Феодаллық гүреслер ўақтында ҳәкимлик биресе түркмен, биресе өзбек феодалларының қолына өтип турған. Олар өзлериниң зуриядларын Шыңғыс туқымынан қалған тахтларға отырғызып, инақ, қушбеги ҳәм тағы басқа да тийкарғы мәмлекетлик хызметке өзлериниң жақын, исенимли адамларын қойды. Усы гүресте Қоңырат балғалы урыўынан шыққан өзбектиң атақлы феодалларының ишинде Мухаммед-Әмийн де инақлыққа көтерилди. Мухаммед-Әмийн инақ түркмен феодаллары менен гүресте ҳәкимликти өз қолына алады ҳәм өз тәрепине атақлы қарақалпақ феодалларын да тартады. Мухаммед-Әмийн инақтың түркмен феодалларына, яўмыт ҳәм шаўдырларға қарсы атланысы (1768-1769) ҳаққында Мунистиң жазғанларында Шахабадта инақтың әскерлерине қарақалпақлардан қытай Қурбанбай бий, кенегес Аманқул бий, қоңырат Есенгелди мәҳрем ҳәм Ғайып бахадыр бес жүз атлы нөкери менен келип қосылды деп көрсетиледи. Тақыятас аймағының тарийхында Аманқул бийдиң аты суўғарыў тармақларының пайда болыўы менен байланыслы айрықша аталады. Муҳаммед Әмининақтың Хийўада ханлық еткен дәўиринде кенегеслер бийи Аманқулдың басшылығында ҳәзирги Тақыятас жайласқан орыннан Әмиўдәрьядан саға алынып, арна қазылғанлығы ҳаққында мағлыўматлар бар. Қазылған арна арқалы суў Хожели түслигиндеги бурын кенегеслер қонысласқан жерлерге жеткерилген. Дәслеп Аманқул аты менен аталған бул арна кейин ала «Кенегес арна» деп аталған. Бул арна жергиликли халықтың турмысында тутқан орны менен бирге, оның кенегеслердиң атына байланыслы тарийхый естелик сыпатында сақланғанлығын көрсетеди. Ҳәзирги «Ески Кенегес» каналыда усы тарийхый суўғарыў тармақлары менен байланысы айрықша итибарға ылайық. Арнаның дәслепки аталыўы Аманқул бийдиң аты менен байланыслы болса, кейинги «Кенегес арна» атамасы бул аймақта жасаған халықтың аты менен байланыслы болған.

Open in Telegram
Views728+23%vs avg
Forwards—
Reactions5
Comments—
#6392Link preview
Views788+33%vs avg
Forwards—
Reactions5
Comments—
#6391Text

Әлбетте, бүгинги «Тақыятас» районы «тақыр жерден» пайда болған емес, ал бабаларымыздың сакраль мәканы Арал дияры Әмиўдәрья алабындағы ҳәким Ханкелди бий, Есенгелди меҳрем, Мақат бийлер Хийўа инақ ҳәм ханға хызметлер еткен, жаўына жаў болған, олар «фасқал» сиясатында ел-журттан салық-зәкат өндирип хызметте болған Хийўа ханлығында ишки ҳәм сыртқы сиясатта қатты қоллықты услап турған, «Бас жолбасшы»-Мухаммед әмин инақ Хорезм диярындағы-«Бес қалада» тәртип орнатыўды әсиресе, қоңыратлы+«муонит»лерге өжет ҳәм топалаңлар шығарыўшы «яўмыт»ларды жазалаўға қарсы ҳәр жылы әскерий» симбиоз»да, атлы нөкерлери менен күш пенен барып турған. Ол бир жылда елиў үш мәртебе «Яўмытлар сипаки»ларға қарсы әскери менен урысқан. Гезектеги әскерий таярлық ҳәм әскерий жүрислер, урыс алдында Мухаммед әмин Инақ «туркмен-теке» ҳәм «туркмен-салур» қәўимлериниң сардарларынан мың атлы әскерий күш жәрдем алған. Ол «қазақ-патша»сы Ерали+ханға елши жиберип, әскерий күш және сораған, Сырдәрья бойы, «қызыл қум»дағы Ерали, Айчувак төре, Бормақбай бийлер бир мың бес жүзден аслам баҳадыр жигитлери менен әскерий күш болып қосылған. Әмиўдәрья алабындағы «он төрт руў» қарақалпақ бий ҳәм батырларынан: «қытай Қурбанбай бий», «кенегес Өмир Аманқули бий», «Қоңырат Эшгелди меҳрем», Гайып баҳадыр бес жүз атлы киси менен Аралдан Қоңырат Мухаммед Назарбай ҳәм иниси Сайд Назарбек, Хожелиден Муртаза хожа көп жыйын атлысы менен келип инаққа қосылды. Улусы әскерий таярлық ўақтында Мухаммед әмин Инақ наўқас болып, Хийўаға қайтқан, қазақ ҳәм қарақалпақ ләшкерлери урыспай жаўласпай өзлериниң мәнзиллерине қайтқан. Хийўа ханлығында ҳәр жылы әскерий күш топлаў, ханлықтың шегарасын, кәрўан жолларын қадағалаў хызметлерге қарақалпақ ели жылына еки мың атлы нөкер таярлап турған. 6. Жаңадәрья, Ақжағыс, «Шоқ+тораңғыл» диярында ел-журтқа руўхый, диний, тәлим-тәрбия бериўде үлес қосқан ҳәзирети Мурат Шайх Азийз хожа, Молла Имам Мухаммед ийшан, Молла Шамсутдийн, Молла Фахратдийинлер болған. Сол заманда, Араллы-қоңыратлардың «муонид»-топалаңшы, өжет топары-«он төрт руўлары» үстине тез-тез жаў болып келип турған… «Қыран таў» қырындағы Есенгелди бий улы Мақатбий, Оманкули бий улы Чунқара бийлер өзлерине тийисли улуслары, қәўимлери менен қорғанған. Арал ўалаятының ҳәкими Төремурат бий, суўпы он сегиз жыл ҳүкмранлық дәўиринде, өсек сөзлерде, қоңсыласы «он төрт руўларды» тыныш қоймаған?! Олардан әскерий күш топлап Хийўа инаққа қарсы турды, өткен ҳәм келген кәрўанларды ирикти, тонады. Ол «Ақ жағыс»тан топлаған «қырқ пәрий+ чехра» қызларды Хорасанға он бир атқа сатып жиберген еди. Х1Х-әсирдиң биринши он жыллығында /1810-жыл/ Қоңырат ҳәкими Төремурат бий суфы зулымлығы, ҳәкимшилиги ақыбетине болған еди. Ол Аманқулы бийдиң ақлықлары Шоңқара бийдиң еки улы бес жылдан берли бенде етип сақлаған екен. Әмиўдәрьяның «Суванли» арна бойында ата-мәкан Аманқулы бий мәсканы, «Тақыя таш» дияры, қубладағы «Қызыл Хожели» қорған қаласы, Хожели қорғаны, арқадағы «Қара Хожели» қорғаны ҳәм елатларды «топан суў» алды. Ақыбетинде Кенегес Шоңқара бий жаңа қоныс, жаңа жайлаў ушын дәрьяның «оң жағы»на миграция болған. Әмиўдәрьяның «Шортанбай» дәрья бойынан, тоғайлар ҳәм көллер/ қара кемир/ арасынан малға жайлы мәкан тапты. Соннан баслап, Шортанбай дәрья бойында «Шоңқараның қыслаўы» тарийхый географиялық объект пайда болды. Шоңқараның әўлады улы Қабыл бийде ата жолы «шынжырлы ҳәмел»де ханға хызмет етти. Атлы нөкер болды, ел-журттан салық жыйнап, мәмлекет ғазнасына үлес қосты. 7. Арал диярында интеллектуаль этно+клан лидеринен-еки Қабыл бий мәмлекетлик хызметинде болған. Теристамғалы Хасан бий улы Қабыл бий, беглер беги ҳәм Кенегес Шоңқара бий улы Қабыл бий, жүз басы, бий болған. Халық әпсанасында: «Хан қасында Қабыл зор…» деген ушырма сөз қайсы шахсқа тийисли екен? Қабыл бийдиң улы Бала Ерназар 14 жаста «бий» болған екен. Ол бала «аталық» дәрежесинде 1872-жылы бәҳәрде ханның пәрманы менен Оренбургқа арнаўлы елши болып барған. Бала Ерназар аталық Қабулов - өз заманында Россия империясына белгили дипломат ҳәм жаўынгер шахс болғаны мәлим.

Open in Telegram
Views571−3%vs avg
Forwards—
Reactions4
Comments—
#6390Text

Ақ Қабақ Аманқул бий ҳәм оның әўладлары 1. Евразия тарийхы ҳәм мәдениятында Арал бойы титуль этнос-қарақалпақлардың үлкен орны ҳәм өзгеше әҳмийети бар. Каспий-Арал теңиз аралығында, Аранғ қыры кеңлигинде бир неше әсирлер бойы, түркий ҳәм түркий емес этнослар шарўашылық хожалық мәдениятын қәлиплестирди. Арал дияры, Устюрт фронтириндеги бир қанша көшпелилер батысқа меридианлы миграцияда көшип, «изсиз жоқ болған халықлар» аталды, ал, Көк теңиз ҳәм дәрья жағалап қалған қарақалпақлар қоңсыласлары менен өз–ара ҳәр қыйлы «симбиоз»ларда биригип, этникалық аўқамда болып, тарийхый географиялық орталықта ҳәм биотабийий ресурслардан өнимли пайдаланып жасаўын даўам етти. 2. Арқа регионда, орта әсирлердеги хорезмшахлар мәмлекетиниң шегара жерлерин қорғаўшы жаўынгерлер топары ләшкербасы «қалфақ» /1030-1040 жж. / болған. «Қалфақ «атамасының этимологиялық мәнисине ҳәр турли түсиниклер бар. Арал дияры «қалфақлар аўладлары қайда «изсиз жоқ болған»? Соңғы орта әсирлер ҳәм ерте жаңа дәўирлерде Аранғ қырында «қара+қабақ» /қара+қал/б/ақ/ лар, Әмиўдарьяның орта ағысында «ақ+ қабақ» лар қарақалпақ / ун тўрт руғ–кенегес/лер қубла шегара бойында мәмлекетлик қараўыллық хызметлерде жасаған. 3. Фольклорлық мийрас. Кенегес Аманқул бий ҳәм оның әўладлары Арал бойы халықларының тарийхый турмысында терең из қалдырған еди. Ел-журт ҳәм халық басқарған, өз заманында мәмлекетлик, жәмийетлик жумысларға пидайылықта қатнасқан ҳәм фольклорлық образда халықтың ядында әпсанаға айланған, ҳүрмет-иззет, меҳир-ақыбетке ылайық инсанлар болған. Олардың бири Арал дияры Әмиўдәрья алабында «он төрт руў»лардың кенегес – қарақалпақлардың ақсақалы бийи, ҳәкими Аманқул бий болып табылады. Тарийхый дереклер. Ақ-қабақ-өмир кенегеслер Хорезм шахлар/ Хийўа/ ханларының Қубла тәрепи, «қарақум» ланшафтларынан киятырған ҳәм өтетуғын халық –аралық кәрўанларды гүзеткен. Түслик шегераларды қорғаған еди. Хорезм шахлар шежиреси, қоңыратлар дәстанында Мунис ҳәм Огахийдиң «Фирдаус-ул-Иқбал»да / Мунис-Огахий 2018../ жазылған. Бийбаҳа мийраста «Аманқул бийдиң улы Шоңқара бий, оның улы Қабыл бий олардың тарийхый географиялық мәкан жерлери, мәсканы «Суўканлы» арна бойы, «Кенегес» арна-жап бойы, Қырантаў қыры, «Шортанбай» дәрья бойы болғаны анық көрсетилген. Баянийдиң «Шажарай-ы –хоразм шаҳий» / Баяний 9596./ мийрасында және жазылған. 4. Қубла Арал бойы Әмиўдәрьяның «төменги» алабына «он төрт руў»лардың жер-суў алып қонысланыўы бойыншада сөз етилген. Арал ўалаяты ҳәм Хийўа ханы болған Абулғазы реформасы менен Әмиўдарья бойында «Нукуз», «Маңғыт» бир жуп-төбе болып бириккен, «Канагас»ке «Нукуз» руўы қосылған. «Қаңлы» ҳәм «Қыпшақ» жуп төбе –жуп қәўимге «он төрт руўлар» қосылған. Қубла Арал бойына «Уллы Дала»дағы 92-баўлы қыпшақлар, саҳрайы «өзбек» улусының қурамында болған соң бөлшекленген 92–қәўимлер топары Қубла Арал диярына миграцияда келген. «Қарақалпақ халқының таўарих етип шығарған ҳикаяты» мийраста ҳәм Бердақ этнопоэтикалық «Шежире»син де жазылған: «Бәри алты руў қарақалпақлар»дың бири «кенегес»лерде Әмиўдәрья бойына қоныс басқаны этнос излери болады. 5. «Кенегес»лер ақсақалы, бийи, «Ақ қабақ» лақаблы Жар Мухаммед бий, Ай Мухаммед бий, Қаратай Мухаммед бий, Өмир Аманқули бий, Шоңқара бий, Қабыл бий, Ерназар бий, аталық, Сейтназар бий, болыс, ҳажы, Хожамет «болыс»лардың өмир мәўритлери халық аўзында апсана болған, образлы тулғалар, олардың ханлықтағы искерлиги, орны ҳәм мәртебеси тарийхый дереклерде ҳәм архивлик ҳүжжетлерде сақланған. Әмиўдәрья бойы кенегес-қарақалпақ ҳәкими-Өмир Аманқули бийдиң ел-журт, халық ушын хызметлери, Хорезм мәмлекетинде ишки ҳәм сыртқы сиясаттағы Хийўалы «инақ»ларға ҳәм суйениш, ҳәм таяныш хызмети Огаҳий мийрасында жазылған. Өмир Аманқули бийдиң ата-теги, шежиреси оның аўладларына нәсият болған, мийрас болған «аўыз еки тарийхында», социаллық яднамасында сақланған. Әўез бий инақтың шығысы «Хожа» елинен болған. Аманқули бий болса «Тақыя+тас» диярдан болды.

Open in Telegram
Views526−11%vs avg
Forwards—
Reactions5
Comments—
#6388Link preview
Views587−1%vs avg
Forwards—
Reactions6
Comments—
#6387Text

Только алчи-татары, алчины завоевали Западный Казахстан и составили Киши жуз. Давно у меня готова книга с цитатами из средневековых источников, называется «Восточный Туркестан − Родина Чингиз-хана и средневековых монгол» с указанием нахождения Каракорума, но пока ещё не пришло время печатать её.Среди тюркских народов есть пять относительно крупных, которые сохранили родоплеменное деление − это казахи, каракалпаки, туркмены, кыргызы и башкорты. Туркменов, кыргызов и башкортов не буду указывать, так как это древние народы и упоминаются до эпохи Чингиз-хана. Но родоплеменное деление казахов и каракалпаков восходит к эпохе Чингиз-хана: 1. Улы жуз − Великий жуз казахов. Албан − албат, подразделение кераитов, самостоятельный народ близкий к монголам. Дулат − дуклат, монголы-нирун. Суаны − сукан, монголы-нирун. Жалайыры − джалаир, монголы-дарлекин. Сары-уйсын − хушин, монголы-дарлекин. Ысты − йисут, монголы-нирун. Канлы − подразделение огузов. 2. Орта жуз − Центральный жуз. Конырат − кунгират, монголы-дарлекин. Найман − найман, самостоятельный народ близкий к монголам. Керей − кераит, самостоятельный народ самостоятельный народ близкий к монголам. Аргыны и кыпчаки − самостоятельные народы не монгольского и не татарского происхождения. Уак не упоминаются среди монгол Чингиз-хана. 3. Киши жуз − Младший жуз. Алшин − алчин, татары. У каракалпаков есть ещё племена, которых нет в составе казахов, но есть в летописях эпохи Чингиз-хана: кият, мангыт, кенегес и кытай. Родоплеменное деление казахов и каракалпаков это факт, каждый казах и каракалпак знает свой род-племя, гордится им. Русская и советская историческая школа игнорировали племенное деление тюрков и не использовала этот факт в написании истории. Когда-то на историческом форуме я задавал вопрос о том, какие будут объяснения этому факту. От халха-монгола получил ответ, что значит казахи − это монголы, но казахский язык это тюркский язык. Народы меняют язык, но исключительно под внешними условиями: первое это школа, второе общеупотребительный язык на улице и на работе, под воздействием средств массовой информации, телевидения. Первое условие − это школы, но в мектебах учили арабский и персидский языки, а не тюркский, поэтому воздействие школ отменяется. *** Второе условие тоже не подходит, так как до XIX века казахи жили аулами, то есть общались представители только рода между собой. До сих пор в Предбалхашье живут только джалаиры, а в Жетысу есть аулы, где живут только албаны, а на Юге Казахстана − только дулаты или коныраты, то есть как они разговаривали с XIII века по «дулатски» или «джалаирски», то научиться другому языку было не у кого. Средства массовой инфорамации в XIII-XIV веках у монголов Чингиз-хана не были сильно распространены, что бы слушать турецкое или кыргызское телевидение и читать их интернет-контент, что бы забыть халха-монгольский язык и взамен выучить тюркский (это шутка, ведь тогда у монголов не было электричества, что бы заряжать сотовые телефоны). То есть тюркский язык был изначально языком монголов Чингиз-хана. Следующую гипотезу выдвинули такую: «Халха-монголы завоевали тюркские племена и дали им свои имена, то есть какой-то халха-монгол из племени дулат завоевал какой-то тюркское племя, подчинил и всех стали называть по имени хозяина». Но тогда должно быть генетические различие внутри каждого племени: одни − это «хозяева», условно гаплогруппа С3, а другие − «харачу/холопы», условно R, но этого нет, все родственники между собой с одинаковой гаплогруппой. Но среди халха-монголов тоже есть племена с такими же названиями! Слава Аллаху, что Рашид ад-Дин рассказывая о племенах эпохи Чингиз-хана дал точную локацию племени найман, это река Иртыш, где они до сих пор живут. У халха-монгол тоже есть племя найман, основная их локация во Внутренней Монголии в Северном Китае, где они в 90 годах прошлого столетия подняли восстание, устроили массовые беспорядки.

Open in Telegram
Views566−4%vs avg
Forwards—
Reactions7
Comments—
#6386Text

Среди тюркских народов есть пять относительно крупных, которые сохранили родоплеменное деление − это казахи, каракалпаки, туркмены, кыргызы и башкорты. Туркменов, кыргызов и башкортов не буду указывать, так как это древние народы и упоминаются до эпохи Чингиз-хана. Но родоплеменное деление казахов и каракалпаков восходит к эпохе Чингиз-хана: 1. Улы жуз − Великий жуз казахов. Албан − албат, подразделение кераитов, самостоятельный народ близкий к монголам. Дулат − дуклат, монголы-нирун. Суаны − сукан, монголы-нирун. Жалайыры − джалаир, монголы-дарлекин. Сары-уйсын − хушин, монголы-дарлекин. Ысты − йисут, монголы-нирун. Канлы − подразделение огузов. 2. Орта жуз − Центральный жуз. Конырат − кунгират, монголы-дарлекин. Найман − найман, самостоятельный народ близкий к монголам. Керей − кераит, самостоятельный народ самостоятельный народ близкий к монголам. Аргыны и кыпчаки − самостоятельные народы не монгольского и не татарского происхождения. Уак не упоминаются среди монгол Чингиз-хана. 3. Киши жуз − Младший жуз. Алшин − алчин, татары. У каракалпаков есть ещё племена, которых нет в составе казахов, но есть в летописях эпохи Чингиз-хана: кият, мангыт, кенегес и кытай. Родоплеменное деление казахов и каракалпаков это факт, каждый казах и каракалпак знает свой род-племя, гордится им. Русская и советская историческая школа игнорировали племенное деление тюрков и не использовала этот факт в написании истории. Когда-то на историческом форуме я задавал вопрос о том, какие будут объяснения этому факту. От халха-монгола получил ответ, что значит казахи − это монголы, но казахский язык это тюркский язык. Народы меняют язык, но исключительно под внешними условиями: первое это школа, второе общеупотребительный язык на улице и на работе, под воздействием средств массовой информации, телевидения. Первое условие − это школы, но в мектебах учили арабский и персидский языки, а не тюркский, поэтому воздействие школ отменяется. *** Второе условие тоже не подходит, так как до XIX века казахи жили аулами, то есть общались представители только рода между собой. До сих пор в Предбалхашье живут только джалаиры, а в Жетысу есть аулы, где живут только албаны, а на Юге Казахстана − только дулаты или коныраты, то есть как они разговаривали с XIII века по «дулатски» или «джалаирски», то научиться другому языку было не у кого. Средства массовой инфорамации в XIII-XIV веках у монголов Чингиз-хана не были сильно распространены, что бы слушать турецкое или кыргызское телевидение и читать их интернет-контент, что бы забыть халха-монгольский язык и взамен выучить тюркский (это шутка, ведь тогда у монголов не было электричества, что бы заряжать сотовые телефоны). То есть тюркский язык был изначально языком монголов Чингиз-хана. Следующую гипотезу выдвинули такую: «Халха-монголы завоевали тюркские племена и дали им свои имена, то есть какой-то халха-монгол из племени дулат завоевал какой-то тюркское племя, подчинил и всех стали называть по имени хозяина». Но тогда должно быть генетические различие внутри каждого племени: одни − это «хозяева», условно гаплогруппа С3, а другие − «харачу/холопы», условно R, но этого нет, все родственники между собой с одинаковой гаплогруппой. Но среди халха-монголов тоже есть племена с такими же названиями! Слава Аллаху, что Рашид ад-Дин рассказывая о племенах эпохи Чингиз-хана дал точную локацию племени найман, это река Иртыш, где они до сих пор живут. У халха-монгол тоже есть племя найман, основная их локация во Внутренней Монголии в Северном Китае, где они в 90 годах прошлого столетия подняли восстание, устроили массовые беспорядки. Это означает, что, наоборот, − найманы, когда Хубилай перенёс столицу в Пекин, переселились в Северный Китай и там сменили свой тюркский язык на халха-монгольский, а не наоборот. Если вы прочитаете Рашид ад-Дина о составе племён с их описанием, находившиеся под властью Чингиз-хана, то удивитесь, что их расположение соответствует современному расположению: найманы соседствуют с кереями (кераитами) и соперничают с ними, рядом − джалаиры, южнее живут уйгуры и т.д.

Open in Telegram
Views424−28%vs avg
Forwards—
Reactions5
Comments—
#6384Text

🏺 ҚАРАҚАЛПАҚСТАННЫҢ СЫРЛЫ ТАРИЙХЫ ҮСТИРТТЕГИ ГҮНЖЕЛИ ҚОРЫМЫ: МЫҢ ЖЫЛЛАР БУРЫНҒЫ ЖЕРЛЕЎ ОРЫНЛАРЫ Қарақалпақстанның Үстирт жазығында өткен дәўирлерден қалған археологиялық естеликлер көп. Солардың бири — Гүнжели-1 қорымы. Бул естелик Үстирт аймағында, Шуманай ҳәм Қоңырат районлары шегарасында жайласқан. 📜 АРХЕОЛОГЛАР НЕЛЕРДИ АНЫҚЛАДЫ? 🔹 2019-жылы археологиялық экспедиция Гүнжели-1 қорымында изертлеў жумысларын алып барды. 🔹 2024-жылы 3–15-май күнлери экспедиция бурын изертленбеген 22 ҳәм 24-қорғанларда қазба жумысларын өткерди. 🔹 22-қорған кенотаф болып шықты. Кенотаф — қайтыс болған адамның денеси жерленбеген, ал оның ядында символикалық түрде орнатылған жерлеў орны. 🔹 24-қорғанның бурын тонап кетилгенлиги анықланды. 🔹 Қурылыс өзгешеликлери ҳәм табылған затлардың қалдықларына қарап, бул еки қорған ерте сармат дәўирине, б.з.ш. IV–II/I әсирлерге жатқызылды. 🏺 БУЛ НЕЛЕРДИ АҢЛАТАДЫ? Гүнжели-1 қорымы Үстирт аймағында ерте көшпели халықлардың жерлеў дәстүрлерин үйрениў ушын әҳмийетли археологиялық естелик болып есапланады. Әсирлер өтсе де, топырақ астында сақланған излер сол дәўирдеги адамлардың дүньяға көзқарасы, жерлеў мәденияты ҳәм тарийхы ҳаққында мағлыўмат береди. 💡 Сиз билесиз бе? Археологияда кенотаф деп аталатуғын символикалық қабирлер адам сүйеги табылмаған жағдайда да жерлеў дәстүрлерин үйрениўге жәрдем береди. 💬 Сораў: Сизиң пикириңизше, не себептен айырым халықлар қайтыс болған адамның денеси болмаған жағдайда да оған арнап айырым жерлеў орнын жасаған? Пикириңизди комментарийде қалдырың! 📚 Пайдаланылған дереклер: 1. Арчил Балахванцев, Жолмурза Ҳакимниязов, Садулла Сайпов ҳәм Сергей Ветохов. «Исследования Российско-Каракалпакской экспедиции на Устюрте и Султануиздаге в 2024 г.», Восток (Oriens) журналы. 2. 2019-жылғы Гүнжели-1 қорымындағы археологиялық изертлеў материаллары. Каналымызға тиркелип кетиң!👇 https://t.me/qqdunyasi77 #Қарақалпақстан_тарийхы #Үстирт #Гүнжели #Археология #Ерте_сарматлар #QaraqalpaqDúnyası t.me/kketnografiya

Open in Telegram
Views434−27%vs avg
Forwards—
Reactions6
Comments—
#6382Text

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР: Мәдений мийрас             I-бөлим Қарақалпақстан теңи-тайы жоқ бай мәдений мийрасқа ийе. Бул мийрас археология ҳәм де архитектураның әййемги естеликлери, өзине тән халық аўыз еки дөретиўшилиги, дәстүрий өнерментшиликте көзге түседи. Мысалы, Қарақалпақстан территориясында көплеген археологиялық ҳәм архитектуралық естеликлер жайласқан болып, олар қорғаныў әҳмийетине ийе қурылыслар, соның ишинде қоныс жерлериниң шегаралары бойлап салынған бир Катар бәлент қорғанлардан ибарат. Булардың ең ертеде салынғанлары - б. е. ш. IV. Әййемги Хорезмниң Аҳамонийлар империясының қурамынан шыққан ўақтына туўра келеди. @Tariyxqa_nazer Мәдений мийрас              II-бөлим Б. е.ш I әсириниң басларына келип Әййемги Хорезм шеңбери кеңейип баратырған Қушан империясы мәдениятының тәсирине түседи, бул жағдай әжайып Топырақ қала қорған ҳәм қалашасының қурылысында өзиниң айқын сәулелениўин тапты. Бул дәўирде қоныслық территориялар ишиндеги киширек қорғанлардан ибарат болған жаңаша қурылыс моделлери пайда болды. Әййемги Хорезм - зороастризмниң Ўатаны болып табылады. Сақланып қалған көп сандағы археологиялық естеликлер: дахамалар, от ибадатханалары, оссуарийлери бар некрополлер ҳәм т. б.- буның дәлийли. Б. е. ш VIII  әсирде исламның кирип келиўи менен тек халықтың турмыс тәризи, дини ғана емес, ал архитектурасы да өзгериске ушырады. Пискен гербиш пайда болды, оннан архитектуралық нағыслар ҳәм эпиграфиялық жазыўлардың әжайып үлгилери менен безелген таң қаларлық мақбаралар, мешитлер, гүмбезли ҳанақалар салынды. @Tariyxqa_nazer Мәдений мийрас                  III-бөлим Арал бойы мың жыллықлар даўамында мәдениятлар дәрбентинде турды: Үстирт кеңислиги арқалы Европа, Кавказ, Алдыңғы Азия, Орайлық Азия ҳәм Қытай халықларының мәдений ҳәм экономикалық байланысларының раўажланыўында үлкен рөл ойнаған Уллы Жипек жолы өтти. Уллы Жипек жолының бир шақабы шама менен Донның төменги жағалаўларында жайласқан Әййемги дәўириндеги ири қала - Танейс арқалы өтип, түслик орыс атызлары, төменги волга бойы, Арал бойын кесип өтти, буннан соң Түслик Қазақстан арқалы Алтай ҳәм Түслик Түркстанға шықты. Бул жерде, итимал, Уллы Жипек жолының тийкарғы жолына қосылды. Бул жолдың бир шақапшасы Арқа Арал бойынан Хорезм арқалы Соғдианаға ҳәм оннан ары түсликке қарай бағытланды. Солай етип, Ферғана алабы оазисинен Арал теңизиниң қумлы жағалаўларына шекемги аймақта Уллы Жипек жолының тарийхы менен байланыслы болған бир нешше мыңлаған тарийхый-архитектуралық естеликлер жайласқан. Қарақалпақлардың өзине тән ишки дүнясы бүгинги күни де усы халықтың күнделикли турмысының бир бөлегин қурайтуғын фолклор, аяқ ойыны, үрп-әдет, дәстүрлеринде айқын сәўлеленген. Халық сазенде-қосықшыларды, жыраў-бақсыларды, «Алпамыс» ҳәм «Қырық қыз» дәстанларын ҳәм т. б. сүйип тыңлайды. Қарақалпақлардың дәстүрлери өнерментшиликте айқын көзге түседи. Қарақалпақлардың ертеде тутынған буйымларының әпиўайы формасы менен нағыслары олардың Әййемги дәўир ҳәм Орта әсирлердеги Орайлық Азия көшпелилериниң көркем өнери менен сыбайлас екенлигин көрсетеди. Қарақалпақлардың дәстүрий кәсиплериниң раўажланыўы әййемги баспана түри болған қара үй, күнделикли хожалық буйымлары зәрүр ҳәм табыўға оңай болған материаллар : жүн, тери, сүйек, ағаш, пахта менен байланыслы. ХХ әсирдиң басларында да қара үйди безеў ушын ҳаял-қызлар кийиз басқан, ший, гилемлер, нағыслы палас ҳәм алашалар тоқып, қурақ қураў менен шуғылланған. Қарақалпақ ҳаял-қызлары - аз ўақыт бармағы ойылған шебер кестешилер. Еркеклер әдеўир қыйын өнерментшилик - қара үй ҳәм саз әсбапларын соғыў, ағашқа нағыс ойыў, зергерлик, тери ийлеў ҳәм т. б. менен шуғылланған. @Tariyxqa_nazer t.me/kketnografiya

Open in Telegram
Views588−1%vs avg
Forwards—
Reactions10
Comments—