❗️60 күн ишинде төленбеген жәрийма ушын автомобил жәрийма майданшасына жайластырылыўы мүмкин 2027-жыл 7-январьдан жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳәкимшилик ислерди рәсмийлестириў ҳәм көрип шығыўдың жаңа тәртиби күшке киреди. Оған бола, жәрийма 60 күн ишинде төленбесе, автомобил жәрийма майданшасына жайластырылыўы мүмкин. 🚗 AVTO BILIM
Open in Telegram
AVTO BILIM
🚗 Жол ҳәрекети қағыйдалары | Авто билимлер; 📚 Имтиханға таярланыў, айдаўшылық сыр-сынаатлары; 🚦 Светафор артындағы исеним – бул билим менен басланады!
Average views per post by day
By publication day
Show as table
| Date | Avg views per post |
|---|---|
| Oct 31, 2026 | 2,860 |
| Nov 2, 2026 | 2,200 |
| Nov 5, 2026 | 1,580 |
| Nov 7, 2026 | 2,000 |
| Nov 9, 2026 | 1,130 |
Most viewed this month
- Views2.86KForwards—Reactions—Comments—
- Views2.2KForwards—Reactions—Comments—
- Views2KForwards—Reactions—Comments—
- Views1.58KForwards—Reactions—Comments—
Latest posts
🚗 Айдаўшылардың дыққатына: ЖҲҚ бузылыўы бойынша ҳәкимшилик ислерди жүргизиўдиң жаңа тәртиби тастыйықланды. Ишки ислер министриниң 502-санлы буйрығы 2026-жыл 5-ноябрь күни Әдиллик министрлигинде 3969-сан менен мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Жаңа тәртип рәсмий жәрияланғаннан 2 ай өтип күшке киреди. 📌 Тийкарғы өзгерислер: 📱 Баянламалар енди планшет арқалы электрон формада рәсмийлестириледи. 🚫 ЖҲҚХ хызметкерлерине орнында жәрийма өндириў қатаң қадаған етиледи. 💰 Жәрийманы 15 күн ишинде төлегенде 50 процент, 30 күн ишинде төлегенде болса 30 процент шегирме сақланады. 📷 Камера арқалы дизимге алынған қағыйдабузарлықлар бойынша мағлыўмат 48 саат ишинде келмесе, жумыс тоқтатылады. Жаза 1 ай ишинде қолланылыўы керек. 📩 Жәрийма ҳаққындағы хабарнамалар SMS, my.gov.uz, ЖПХ қосымшасы ямаса почта арқалы жибериледи. ⚖️ Қарар үстинен 10 күн ишинде жоқары турыўшы орган ямаса судқа шағым етиў мүмкин. 🎥 Мәслик тексериўинен бас тартыў жағдайында хызметкердиң body-камерасы иске қосылған болса, гүўалар талап етилмейди. 🏢 Пуқаралар жасаў орнына қарамастан, қәлеген аймақлық орайға мүрәжат етиўи мүмкин. 🚗 AVTO BILIM
Open in Telegram❗️Жолларда мобил радарлар бар екенлиги алдыннан ескертилмеўи мүмкин Ҳүкиметтиң 2025-жыл 15-майдағы қарарына бола, ҳәрекет тезлигин қадағалаўға мөлшерленген ҳәр қандай түрдеги стационар ҳәм мобил радарлар жайласқан аймақта ҳәм оған шекем кеминде 250 метрден ҳәм де 500 метрден көп болмаған аймақта "Радар" жол белгисиниң орнатылыўы мәжбүрий есапланатуғын еди. Енди бул талап тек ғана стационар радарларға қолланылады. Ҳүкиметтиң 29-октябрьдеги қарары менен мобил радарлар бар екенлиги ҳаққында мәжбүрий ескертиў ҳаққындағы талап алып тасланған. 🚗 AVTO BILIM
Open in Telegram❗️1-ноябрьден жол сызықларын басқан айдаўшыларға протокол дүзилмейди Министрлер Кабинетиниң қарарына бола, 1-ноябрьден баслап кесилиспеге шекем 50 метр, қайырылып алыў орнына шекем 20 метр аралықта 1.1 ҳәм 1.3 жол жазық сызықларын басып ҳәрекетлениў ушын ЖПХ инспекторлары тәрепинен ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирилмейди. 🚗 AVTO BILIM
Open in Telegram❗️Нөкис қаласында Скутерде пияданы қағып ўақыя орнынан кетип қалған шахс таўылып шара көрилди. 🚗 AVTO BILIM
Open in Telegram❌ Хабар бийкарланды Социаллық тармақларда "1-январьдан баслап екостикер алмаған айдаўшыларға БЕМның 10 есеси муғдарында жәрийма қолланылады" және "экостикер пуллы болады" мазмунындағы хабарлар тарқалмақта. Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети бул хабарларды тастыйықлаўшы нызамлы тийкарлар жоқ екенлигин мәлим етеди. 🚗 AVTO BILIM
Open in Telegram❗️Ендигиден былай исбилерменлер орнатқан радарлар ремен тақбаған айдаўшыларға жәрийма жазады Ҳүкимет қарарына бола, 2026-жыл 1-ноябрьден баслап исбилерменлер тәрепинен орнатылған жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығын арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео дизимге алыў программалық-техникалық қураллары арқалы айдаўшылардың транспортты басқарыў ҳәм жолаўшыларды тасыўда қәўипсизлик белбеўинен пайдаланыў қағыйдаларына әмел етпеў жағдайларын дизимге алыўға рухсат бериледи. 🚗 AVTO BILIM
Open in Telegram❗️1-январьдан баслап екостикер алмаған айдаўшыларға БЕМның 10 есеси муғдарында жәрийма жазасы қолланылыўы ҳәм экостикер пуллы болатуғыны айтылмақта. Тастыйықланбаған мағлыўматларға бола, 2027-жыл 1-январьдан баслап экостикер алмаған айдаўшыларға кескин шаралар көрилип басланады ҳәм стикер де пуллы болады. Экостикер баҳасы ҳәзирше белгисиз. Бул хабарды айдаўшы танысларыңызға жиберип, ескертип қойың. 🚗 AVTO BILIM
Open in Telegram❓Қайсы жағдайларда айдаўшыны мәс ҳалда екенин тексериў мүмкин? ➖ айдаўшының аўзынан алкогол ийси келсе; ➖ айдаўшы бир жағдайда туўры тура алмаса (шайқалып турыў); ➖ айдаўшының сөйлеўи бузылса; ➖ айдаўшы қол бармақлары қалтыраса; ➖ айдаўшы жүз териси реңи сезирерли дәреже өзгерсе. ❓ Алкоголдан мәслик жағдайы қандай анықланады? ✅ Бул 2 түрли усылда әмелге асырылады: 1⃣ арнаўлы техник қурал — алкотестер жәрдеминде; 2⃣ район (қала) емлеў-профилактика мәкемелеринде медициналық тексериўден өткериў арқалы. 🚗 AVTO BILIM
Open in TelegramConnections
Mentions
davletovuz@davletovuz1 mention