#жаңалықлар
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң «Сүйикли ақлығым Шавкатбекке пәрўаз даўамында жазылған хат» атлы хаты бойынша руўхый-ағартыўшылық сәўбет өткерилди.
Илажда Өзбекстан мәмлекетлик мекемелери ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары Сатбай Өмирбайевич Өтеўлиев хаттағы пикирлер ҳәм нәсиятларды талаба-жасларға түсиндирип берди.
Сәўбетте илимге умтылыў, уллы бабаларымыздың мийрасын үйрениў ҳәм заманагөй технологиялардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында сөз етилди. Жасалма интеллект билим алыўға жәрдем береди, ал оның берген мағлыўматын тексериў, салыстырыў ҳәм өз бетинше жуўмақ шығарыў жаслардың пикирлеў қәбилетин раўажландырады.
Хаттағы ҳадаллық, кишипейиллик ҳәм Ўатанға сүйиспеншилик ҳаққындағы нәсиятлар да жаслардың итибарына усынылды. Ўатанға сүйиспеншилик күнделикли ислеримизде көринеди: билимимизди елдиң пайдасына жумсаўда, ҳадал мийнет етиўде ҳәм өз исимизге жуўапкершилик пенен қараўда.
Сәўбеттиң жуўмағында хаттағы нәсиятларды күнделикли турмысқа енгизиўдиң әҳмийети атап өтилди. Ҳәр бир талаба өз алдына анық мақсет қойып, таңлаған кәсибин пуқта ийелеп, алған билимин елдиң пайдасына жумсаса, Ўатан раўажына өз үлесин қоса алады. Бундай сәўбетлер жасларда Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм ел алдындағы жуўапкершилик сезимин беккемлеўге хызмет етеди.
__
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний ўрта махсус ислом билим юртида Президентимиз Шавкат Мирзиёевнинг "Суюкли набирам Шавкатбекка парвоз давомида ёзилган хат" номли мактуби юзасидан маънавий-маърифий суҳбат ўтказилди.
Тадбирда Ўзбекистон давлат муассасалари ва жамоат хизмати ходимлари касаба уюшмасининг Қорақалпоғистон Кенгаши раиси ўринбосари Сатбай Ўмирбаевич Ўтевлиев хатдаги фикр ва тавсияларни талаба-ёшларга тушунтириб берди.
Суҳбатда илмга интилиш, буюк аждодларимиз меросини ўрганиш ва замонавий технологиялардан оқилона фойдаланиш ҳақида сўз юритилди. Сунъий интеллект билим олишга ёрдам беради, унинг берган маълумотини текшириш, таққослаш ва мустақил хулоса чиқариш эса ёшларнинг фикрлаш қобилиятини ривожлантиради. Мактубдаги ҳалоллик, камтарлик ва Ватанга муҳаббат ҳақидаги ўгитлар ҳам ёшлар эътиборига ҳавола этилди. Ватанга муҳаббат кундалик ишларимизда намоён бўлади: билимимизни эл-юрт манфаатига сарфлашда, ҳалол меҳнат қилишда ва ўз ишимизга масъулият билан ёндашишда.
Суҳбат якунида мактубдаги маслаҳатларни кундалик ҳаётга татбиқ этишнинг аҳамияти таъкидланди. Ҳар бир талаба ўз олдига аниқ мақсад қўйиб, танлаган касбини пухта эгаллаб, олган билимини эл-юрт манфаатига сарфласа, Ватан тараққиётига ўз ҳиссасини қўша олади. Бундай суҳбатлар ёшларда Ватанга муҳаббат ва юрт олдидаги масъулият ҳиссини мустаҳкамлашга хизмат қилади.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniy.uz