Посты канала XALÍQ USHÍN ⚖️
❗️3 айлық газиңизге пул төлеп беремиз! «НЕ ЖАҢАЛЫҚ?»,«XALÍQ USHÍN», «Karinform», «Karakalpak Búgin» телеграм каналлары декабрь, январь, февраль айлары ушын әўметли инсанларға газге пул төлеп бериўге қарар етти (айына 500 кубдан жәми 1500 кубқа). 👉 ТАҢЛАЎҒА ҚАТНАСЫЎ 🔔 Жақынларыңызға да жиберип қойың!
Открыть в TelegramДинамика просмотровСкрыть динамику
Рост просмотров
Часов после публикации
Показать таблицей
| Часов после публикации | Просмотры |
|---|---|
| 0 ч | 0 |
| 1 ч | 2 310 |
| 3 ч | 3 240 |
- Через 1 час2 310
- Всего сейчас3 240
❗️Мийнет кодексиниң 560-статьясына (даўа мүддети) әҳмийетли өзгерис киргизилиўи күтилмекте. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын додалаў порталына жайластырылған жаңа нызам жойбарына бола, жумысқа тиклеў ҳаққындағы келиспеўшиликлер бойынша 3 айлық даўа мүддетин есаплаў тәртиби өзгериўи мүмкин: Әмелде: мүддет хызметкерге мийнет шәртнамасы бийкар етилгенлиги ҳаққындағы буйрық нусқасы тапсырылған күннен басланады. Жойбарда: мүддет буйрық нусқасы тапсырылған, почта арқалы хабарнама менен жиберилген ямаса МК 171-статьясына муўапық СМС-хабарнама жиберилген күннен баслап есапланады. Егер бул өзгерис қабыл етилсе, хызметкер буйрық нусқасын қолына алмаған жағдайда да, оған рәсмий почта арқалы хабарнама ямаса СМС-хабарнама жиберилген күннен баслап судқа мүрәжат етиў мүддети (3 ай) өте баслайды. ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в TelegramДинамика просмотровСкрыть динамику
Рост просмотров
Часов после публикации
Показать таблицей
| Часов после публикации | Просмотры |
|---|---|
| 0 ч | 0 |
| 2 ч | 3 430 |
| 6 ч | 6 010 |
- Через 6 часов6 010
- Всего сейчас6 010
⚡️Енди өзиңизге “телохранитель” жаллаўыңыз мүмкин болады Инвесторлар, туристлер ҳәм исбилерменлерге сақшы хызметлерин көрсетиў, шаңарақлық ҳәм басқа да илажларда жәмийетлик тәртипти сақлаў, ушыўшысыз ушыў аппаратлары жәрдеминде бақлаўды әмелге асырыў, мәўсимлик жумыс алып баратуғын объектлерди қорғаў сыяқлы хызметлерди жолға қойыў режелестирилген. Жаңадан қурылып атырған объектлерди қорғаўдың инженерлик-техникалық қураллары менен тәмийинлеў бойынша бирден-бир талапларды белгилеў, қала қурылысы нормаларына тийисли өзгерислер киргизиў усыныс етилди. Пуқаралардың мүлклерин қорғаў мақсетинде көп квартиралы турақ жайларда техникалық қорғаў (домофон ҳәм тәшўиш түймелерин орнатыў) хызметинен пайдаланыў әмелиятын енгизиў нәзерде тутылмақта. ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в TelegramДинамика просмотровСкрыть динамику
Рост просмотров
Часов после публикации
Показать таблицей
| Часов после публикации | Просмотры |
|---|---|
| 0 ч | 0 |
| 3 ч | 4 470 |
| 7 ч | 6 560 |
- Через 6 часов6 560
- Всего сейчас6 560
❓”Дом”ның “подвалы”нан қандай мақсетлерле пайдаланыў қадаған етилген? Нызамшылыққа муўапық, көп квартиралы үйлердиң жойбар ҳүжжетлеринде нәзерде тутылмаған жағдайларда жер төлесинде транспорт қуралларын сақлаў, оңлаў ҳәм жуўыў қадаған етиледи. Сондай-ақ, жертөлелерде ысытыў қазанлары ҳәм радиаторларды өзбасымшалық пенен орнатыў, қубырларға кран қойыў, инженерлик-коммуникация системаларының схемаларын өзгертиў ҳәм улыўма пайдаланыўдағы орынларды ийелеўге жол қойылмайды. 👉 @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram❗️Жалқаўлық – өлимниң иниси Бийпәрўалық ҳәм жалқаўлық ҳүким сүрген, әҳмийетли мәселелер өз басымшылыққа таслап қойылған жерде руўхыйлық ҳәлсиз ноқатқа айланады. Әсиресе, жәмийетте үлкен өзгерислер жүз берип атырған, Ўатанның раўажланыўы адамнан жоқары белсендилик, үлкен жуўапкершилик талап етип турған ўақытта бийпәрўалық үлкен гүна болып есапланады. Бийкаршылық қайсы халықта тамыр жайса, сөзсиз, сол халықты раўажланыў кәрўанынан артта қалдырады. Бул кеселлик қайсы адамға жетсе, оны хорлайды. Себеби, уллыларымыздың пикиринше, жалқаўлық – өлимниң иниси. ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram🔥 SOUEAST S08 DM — 40% ТӨЛЕҢ ҲӘМ 2 ЖЫЛҒА 0% УСТЕМЕСИЗ АЛЫҢ! Жаңа SOUEAST S08 DM кроссоверин сатып алыў ушын зор имканият! ✅ 40% — басланғыш төлем ✅ 24 ай — 0% устемесиз бөлип төлеў ✅ 360° камера ✅ Панорамалы люк ✅ Заманагөй ҳәм кең салон ✅ Комфорт ҳәм қолайлы басқарыў SOUEAST S08 DM— заманагөй технологиялар ҳәм қолайлы төлем шәртлери бир автомобилде! 📍 SOUEAST Nukus 📞 +998555000340 *Толық мағлыўмат ҳәм бөлип төлеў шәртлери бойынша дилерлик орайымызға хабарласың. Reklama
Открыть в Telegram⚡️Абайлы болың! Телеграм арқалы компьютер вируслары тарқалып баслады ❗️Телеграм тармағы арқалы пуқаралардың жеке профиллерине exe. форматындағы вируслар тарқалмақта. 📌Скриншотта көрип турғаныңыз Кун.уз профили астындағы фейк канал арқалы тарқатылып атырған вирус. 🚫Бул вируслар компьютердеги барлық мағлыўматларға доступ алыўы ҳәм ҳаттеки толық форматлап жибериўи мүмкин! Және мағлыўматларды урлап тарқатыўы мүмкин! ☝️Бул хабарды барлық танысларыңызға срочно жиберип қойың! ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram⚠️Сизде свет, газ, көмир, пропан, ишимлик суўы бойынша машқалалар болса Штабқа қоңыраў етиң! ❗️Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилди. ☎️ Егер сизде усы сыяқлы мәселелерге байланыслы сораў ҳәм мүрәжатларыңыз болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын тийкарғы 61 222 48 41, сондай-ақ, коммуналлық мәселелер бойынша 61 222 48 40, 61 222 48 47, 61 222 48 49 телефон номерлерине 24 саат даўамында қоңыраў етиўиңиз мүмкин. ⚡️Электр тәмийнаты мәселелери бойынша: ☎️ (61) 222-48-47; 🔥Газ тәмийнаты мәселелери бойынша: ☎️ (61) 222-48-40; 💧Ишимлик суў тәмийнаты мәселелери бойынша: ☎️ (61) 222-48-49. ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram❗️ Исбилерменлер бир арза менен бир неше банктен кредит усынысын алады Исбилерменлик субъектлерине кредит ажыратыў процесин жеңиллестириў мақсетинде жаңа тәртип енгизилмекте. Енди исбилерменлер ҳәр бир коммерциялық банкке өз алдына мүрәжат етиў талап етилмейди. ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram⚡️Ҳәким жәрдемшилериниң жумысын баҳалаў тәртиби өзгереди Президент Шавкат Мирзиёев исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған усыныслар менен танысты. Презентацияда ҳәким жәрдемшилериниң жумысын баҳалаўда муғдар көрсеткишлеринен сапа көрсеткишлерине өтилетуғыны мәлим етилди. Онда шөлкемлестирилген кәрханалардың турақлы жумыс алып барыўы, жаратылған жумыс орынларының турақлылығы ҳәм исбилерменлер товар айланысының өсиўи тийкарғы өлшем болады. Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге мийнет қатнасықларын тәртипке салыў тараўында нызамшылықты жетилистириў, мийнет қатнасықларын рәсмийлестириў процесслерин әпиўайыластырыў ҳәм мәмлекетлик мийнет қадағалаўын жақсылаў бойынша усыныслар киргизиўди тапсырды. ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram🌿 Қайырлы таң! ✅ Жақсы нийет пенен оянған адамның күни де жақсы басланады. 🙏Нийетлериңиз қабыл болсын! ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram⚡️ iPhone ҳәмде Android смартфонларында таза форматтағы қарақалпақша клавиатураны қосыў имканы жаратылды Tilmoch қосымшасына қарақалпақ тилиниң кирилл ҳәм латын әлипбесиндеги арнаўлы клавиатурасы қосылды. Қосымшаны Play Market ҳәмде App Store арқалы жүклеп алыўға болады. ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram❗️3 айлық газиңизге пул төлеп беремиз! «НЕ ЖАҢАЛЫҚ?»,«XALÍQ USHÍN», «Karinform», «Karakalpak Búgin» телеграм каналлары декабрь, январь, февраль айлары ушын әўметли инсанларға газге пул төлеп бериўге қарар етти (айына 500 кубдан жәми 1500 кубқа). 👉 ТАҢЛАЎҒА ҚАТНАСЫЎ 🔔 Жақынларыңызға да жиберип қойың!
Открыть в Telegram❗️3 айлық газиңизге пул төлеп беремиз! «НЕ ЖАҢАЛЫҚ?»,«XALÍQ USHÍN», «Karinform», «Karakalpak Búgin» телеграм каналлары декабрь, январь, февраль айлары ушын әўметли инсанларға газге пул төлеп бериўге қарар етти (айына 500 кубдан жәми 1500 кубқа). 👉 ТАҢЛАЎҒА ҚАТНАСЫЎ 🔔 Жақынларыңызға да жиберип қойың!
Открыть в Telegram⚡️Енди үй сатып алыўдан алдын оның қурылыс ҳүжжетлерин my.gov.uz арқалы тексериўге болады ✅ Порталдағы жаңа хызмет арқалы объект мәнзили, квартиралар саны, жойбар баҳасы ҳәм қурылысшы компания ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин. 📑 Сондай-ақ, қурылысқа руқсат бериўши ҳүжжетлер ҳәм экспертиза жуўмақларын жүклеп алыў имканияты бар. 📲 Буның ушын My.gov.uz порталында хызметлер ишинен «Qurilayotgan obyektlar haqida ma’lumot olish» деген хызметти сайлаў керек. ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram🔥 SARIQ HAFTA: 5 kun davomida 80% gacha chegirmalar! 26–30-noyabr kunlari Texnomart do‘konlarida KO‘Z TEGMASIN narxlar bilan SARIQ HAFTA aksiyasi bo‘lib o‘tadi. Besh kun davomida turli mahsulot toifalariga 80% gacha chegirmalar taqdim etiladi. Aksiya doirasidagi mahsulotlar assortimenti har kuni yangilanib boradi. 26-noyabr kuni aksiya doirasida quyidagi mahsulotlar taklif etiladi: • Samsung VC15K4136HB/EV changyutgichi — 2 399 000 so‘m o‘rniga 479 000 so‘m (−80%) • OPPO A3 6/128GB Sparkle Black smartfoni — 3 299 000 so‘m o‘rniga 1 319 000 so‘m (−60%) • LG 50NU900B6LA Smart televizori — 8 699 000 so‘m o‘rniga 2 999 000 so‘m (−66%) Ko‘rsatilgan narxlar faqat 26-noyabr kuni amal qiladi. Aksiya haqida batafsil 📞71-209-99-44 Telegram | Manzillar | Onlayn chat | Sayt Reklama
Открыть в Telegram⚡️Турақ жайға мүтәж жас шаңарақларға ипотека кредитлери ажыратылады - Президент пәрманы ✅ 2027-жыл 1-январьдан турақ жайға мүтәж жас шаңарақларға бирлемши базардан квартира сатып алыў ушын төмендеги тәртипте ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылады: ✔️ Ипотека бағдарламасы шеңберинде ипотека кредитлери бойынша есапланған процент төлемлериниң Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артқан бөлеги Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи; ✔️ төмендеги тийкарғы социаллық нормаларға муўапық келетуғын жас шаңарақларға ипотека кредити ажыратылады: ✔️ арза бериўши ҳәм оның зайыбы 30 жастан аспаған болыўы; ✔️ арза бериўши ҳәм оның зайыбының атында соңғы 3 жылда мүлк ҳуқықы тийкарында көшпес мүлк жоқ екенлиги. ↗️ Постты жақынларыңызға тарқатың. 👉Каналға ағза болың @XALIQ_USHIN
Открыть в Telegram❗️Колонияда наркотик саўдасы менен шуғылланатуғын жынаятшыға “ВИП” бөлме ажыратып берилгени анықланыпты Қамақтағы «наркобарон»колония реабилитация орайында хызметкерлерге ажыратылған ҳәм видеоқадағалаў камерасы болмаған бөлмеде бир өзи жасап келген. Қамақтың ишки тәртиби оған қарата қолланылмаған. Колония баслығы орынбасары оған жасырын түрде телефон алып берген. Ол болса усы телефон арқалы наркотик саўдасы ушын ашылған интернет-дүкан жумысын жолға қойған. Суд ҳүкими менен колония баслығы орынбасары 11 жылға қамалды. ✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
Открыть в Telegram