Газлестирилмеген аймақларда 1-ноябрьден баслап электр энергиясы төлемлери 350 кВт•саатлық базалық норма тийкарында есапланады
Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 31-октябрьдеги 601-санлы қарарына муўапық, жылытыў мәўсиминде тәбиий газ бенен тәмийинленбеген ҳәм газ жеткерип бериў имканияты шекленген аймақлардағы халықтың үйлери ушын электр энергиясының айлық базалық нормасы 200 кВт•сааттан 350 кВт•саатқа арттырылады.
Яғный, белгиленген дизимге киргизилген шаңарақлар жылытыў мәўсиминде, 1-мартқа шекем айына 350 кВт•саатқа шекем электр энергиясынан 1 кВт•саат ушын 650 сум муғдарындағы базалық тариф тийкарында пайдаланады. 1-ноябрьден бул тәртип енгизиледи, яғный, ноябрь айы ушын есап-санақларда жаңа норма толық есапқа алынады. Ай жуўмағы менен қайта есап-санақ қылынады.
Ҳәзирги ўақытта «Ҳудудгазтаъминот» АЖ тәрепинен қәлиплестирилген аймақлар дизими жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен үйренилип, тастыйықланбақта. Тастыйықланған дизимлер «Аймақлық электр тармақлары» АЖға усынылып, тийисли мағлыўматлар биллинг системасына киргизилмекте. Бул процессти 25-ноябрьге шекем толық жуўмақлаў белгиленген.
Ең әҳмийетлиси, 350 кВт•саатлық базалық нормадан пайдаланыў ушын халықтан ҳеш қандай арза ямаса қосымша ҳүжжет талап етилмейди. Пуқаралар буның ушын электр ямаса газ тәмийнаты уйымларына барыўы шәрт емес. Жаңа норма тастыйықланған дизим тийкарында тийисли шаңарақларға автоматикалық түрде қолланылады.
Бул тәртипти әмелиятқа енгизиў, аймақлар ҳәм квартиралар дизимин қәлиплестириў, мағлыўматларды биллинг системасына киргизиў ҳәм төлемлерди жаңа норма тийкарында есаплаўға байланыслы барлық зәрүр жумыслар тутыныўшыларды артықша әўере етпеген ҳалда әмелге асырылады.
—
Газлаштирилмаган ҳудудларда 1 ноябрьдан бошлаб электр энергияси тўловлари 350 кВт•соатлик базавий меъёр асосида ҳисобланади
Вазирлар Маҳкамасининг 2026 йил 31 октябрдаги 601-сон қарорига мувофиқ, иситиш мавсумида табиий газ билан таъминланмаган ҳамда газ етказиб бериш имконияти чекланган ҳудудлардаги аҳоли хонадонлари учун электр энергиясининг ойлик базавий меъёри 200 кВт•соатдан 350 кВт•соатга оширилади.
Яъни, белгиланган рўйхатга киритилган хонадонлар иситиш мавсумида, 1-мартга қадар ойига 350 кВт•соатгача электр энергиясидан 1 кВт•соат учун 650 сўм миқдоридаги базавий тариф асосида фойдаланади. 1-ноябрдан бу тартиб жорий этилади, яъни, ноябрь ойи учун ҳисоб-китобларда янги норма тўлиқ ҳисобга олинади. Ой якуни билан қайта ҳисоб-китоб қилинади.
Айни пайтда “Ҳудудгазтаъминот” АЖ томонидан шакллантирилган ҳудудлар рўйхати маҳаллий ҳокимликлар томонидан ўрганилиб, тасдиқланмоқда. Тасдиқланган рўйхатлар “Ҳудудий электр тармоқлари” АЖга тақдим этилиб, тегишли маълумотлар биллинг тизимига киритилмоқда. Ушбу жараённи 25 ноябрга қадар тўлиқ якунлаш белгиланган.
Энг муҳими, 350 кВт•соатлик базавий меъёрдан фойдаланиш учун аҳолидан ҳеч қандай ариза ёки қўшимча ҳужжат талаб этилмайди. Фуқаролар бунинг учун электр ёки газ таъминоти идораларига бориши шарт эмас. Янги меъёр тасдиқланган рўйхат асосида тегишли хонадонларга автоматик равишда қўлланилади.
Мазкур тартибни амалиётга жорий этиш, ҳудудлар ва хонадонлар рўйхатини шакллантириш, маълумотларни биллинг тизимига киритиш ҳамда тўловларни янги меъёр асосида ҳисоблаш билан боғлиқ барча зарур ишлар истеъмолчиларни ортиқча оворагарчиликка солмаган ҳолда амалга оширилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube