«Мортал Комбат» продюсери Өзбекстанда фильм сүўретке түсириўи мүмкин Өзбекстанда Голливудтың ири кино жойбарларының бири сүўретке алыныўы мүмкин. Бул бағдарда Туризм комитети белгили кинопродюсер Ларри Касанофф пенен бирге ислесиў меморандумына қол қойды. Ушырасыўда мәмлекет аймағында халықаралық көлемде танылған актёрлардың қатнасыўында Adventure жанрындағы фильм жаратыў имканиятлары додаланды. Ларри Касанофф Голливудтағы хызмети даўамында «Мортал Комбат», «Терминатор 2» ҳәм «True Lies» сыяқлы белгили фильмлерде ислеген. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramПосты канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
Профилактика инспекторлары менен тез байланысыў имканиятын беретуғын байланыс түймелери енгизиледи Өзбекстанда бундай байланыс түймелери халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде, профилактика инспекторлары хызмет бөлмесинде болмаған ўақытта оларға мүрәжат ҳәм хабар жибериў ушын профилактика инспекторларының мәҳәлледеги хызмет бөлмелери есиклерине орнатылады. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramЖәҳән банки Өзбекстандағы реформаларды қоллап-қуўатлаў ушын 800 млн доллар муғдарындағы қаржыландырыў пакетин мақуллады 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramИзраилда мешитлерде азан айтыўды шеклеўши нызам жойбары бийкар етилди Парламентте даўыс бериў өткерилип, нызамның қабыл етилиўине 63 депутат қарсы шықты, 45 депутат болса оны қоллап-қуўатлады. Додалаў ўақтында миллий қәўипсизлик министри Итамар Бен-Гвир қатнасыўында жәнжел келип шығып, ол мәжилислер залынан шығарып жиберилди. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramПереслано из IdeaStore
#Súyinshi 🎉👉 Lokatsiyalar ❗️TEK 26-NOYABR dan idea'da Samsung Galaxy A18, ULKEN 50" SMART TV, Konditsionerlar ayina 99 000 sumnan! Maģlıwmat ushın: 📞 712307799 | Chat Nigina 🔻99 000 ayina - Samsung Galaxy A18 (4/128) 🔻99 000 ayina - Redmi 17 (4/128) 🔻99 000 ayina - 50" Ssmart TV (50F22) 🔻99 000 ayina - AVALON (AVLVCB2250B) 🔻99 000 ayina - 6KG LORETTO avtomat (LW6016BLDCW) 👉😊 XAZIR XARID QILAYATGAN KLIENTLAR 🔻99 000 ayina - ARTEL Gaz Plitasi (Apetito00GV1ГК) 🔻99 000 ayina - LG VC (VC83209UHA) 🔻99 000 ayina - 43" ARTEL SMART TV (A43NFCH001) 🔻99 000 ayina - 12" ARCTIC Invertor Konditsioner (SIM4AW12BER32) 🔻99 000 ayina - 211" Konnen Sovutkich (KNTFDF211/W)* ✅ Baslangʻish tolem - Joq ✅ Kepiller kerek emes 📍Nókis | 📍Qońırat | 📍Beruniy | 📍Tórtkúl | 📍Àmiwdàrya | 📍Shimbay *Asigʻiń, texnikalar sani sheklengen, múddetli toʻlemge o'ttiz alti ayga koʻrsetilgen! 👉RASMIY KANAL | Instagram | 📍Do'konlarimiz
Открыть в Telegram❗️Енди оқыўшы қыз айттырылып қойылған болса, мектеп ИИБне хабар бериўи шәрт. Жаңа тәртипке бола: • мектеплер — ерте неке қәўпи ҳәм айттырыў; • емлеўханалар — 16 жасқа толмаған қызлардың ҳәмиледар болыўы; • диний шөлкемлер — жас өспиримлерге неке оқытыў бойынша мүрәжатлар; • мәҳәллелер — ерте неке ҳәм шаңарақтағы зорлық жағдайлары ҳаққында тезлик пенен хабар бериўи шәрт. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramДинамика просмотровСкрыть динамику
Рост просмотров
Часов после публикации
Показать таблицей
| Часов после публикации | Просмотры |
|---|---|
| 0 ч | 0 |
| 2 ч | 13 200 |
| 5 ч | 18 500 |
- Через 6 часов18 500
- Всего сейчас18 500
«Талибан» Қоштепа каналы қурылысының екинши басқышы 99 процентке жуўмақланғанын ҳәм тез арада каналға Әмиўдәрьядан суў шығарылатуғынлығын мәлим етти Алдын Өзбекстан суў хожалығы министри Шавкат Ҳамроев каналға суў шығарыў 2030-жылдан алдын басланбайтуғынлығын айтқан еди. Министрдиң атап өтиўинше, Өзбекстан ҳәм Аўғанстан канал қурылысы жуўмақланғанынан кейин суў бөлистириў бойынша шәртнамаға қол қойыўға келисип алған. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramТүркияда нәшебентлик иси менен шоу-бизнес ўәкиллери усланды Стамбулда нәшебентлик затлар менен байланыслы жынаят иси бойынша өткерилип атырған тергеў шеңберинде 23 адам қолға алынды. Олар арасында Түркияның белгили қосықшысы ҳәм актёры Өзжан Дениз және актрисалар Дениз Чакир ҳәм Буржу Өзберк бар. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramДинамика просмотровСкрыть динамику
Рост просмотров
Часов после публикации
Показать таблицей
| Часов после публикации | Просмотры |
|---|---|
| 0 ч | 0 |
| 3 ч | 14 400 |
| 6 ч | 17 700 |
- Через 6 часов17 700
- Всего сейчас17 700
🌤 Бүгинги ҳаўа-райы болжаўы Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, айырым жерлерже жаўын жаўыўы мүмкин. Айырым жерлерде думан бақланады. Самал 7─12 м/с тезликте есип, айырым жерлерде самалдың тезлиги күшейеди. Ҳаўаның температурасы күндиз +3...+8°C, түнде -2...+3°C болады. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramДинамика просмотровСкрыть динамику
Рост просмотров
Часов после публикации
Показать таблицей
| Часов после публикации | Просмотры |
|---|---|
| 0 ч | 0 |
| 5 ч | 18 200 |
| 8 ч | 20 100 |
- Через 6 часов18 200
- Всего сейчас20 100
📆 26-ноябрь 📌Күн ҳаққында 🎉 Байрамларҳәм еслеў күнлери ➖ Ҳиндстанда Конституция күни; ➖ Грузияда Конституция күни. 🎉Ўақыялар ➖ 1979-жылы Саудия Арабстанының Мекке ўәлаятында Пәкистан самолёты қулап түсти ҳәм борттағы 156 инсанның ҳәммеси қайтыс болды; ➖ 2021-жылы Коронавирустың Омикрон штаммы анықланды. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramДинамика просмотровСкрыть динамику
Рост просмотров
Часов после публикации
Показать таблицей
| Часов после публикации | Просмотры |
|---|---|
| 0 ч | 0 |
| 5 ч | 17 400 |
| 8 ч | 19 400 |
- Через 6 часов17 400
- Всего сейчас19 400
Жақсы жаңалық! Енди iPhone ҳәмде Android смартфонларында қарақалпақша қәтесиз жазыў имканы бар Алдын iPhone ҳәмде Android смартфонларында қарақалпақша ҳәриплерди таўып, қәтесиз жазыў машқала еди. Енди Tilmoch қосымшасына қарақалпақ тилиниң кирилл ҳәм латын әлипбесиндеги арнаўлы клавиатурасы қосылды. Қосымшаны Play Market ҳәмде App Store арқалы жүклеп алыў мүмкин. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramChevrolet Tracker, Onix, Cobalt ҳәм Damas ушын берилген арнаўлы усыныслар 31-декабрьде жуўмақланады «UzAuto Моторс» АЖ Chevrolet Tracker, Onix, Cobalt ҳәм Damas автомобиллери ушын жәрияланған шегирме ҳәм мүддетли төлем акциялары 2026-жыл 31-декабрь күни жуўмақланатуғынлығын мәлим етти. Жылдың ақырына шекем Chevrolet Tracker ҳәм Onix автомобиллерин 100% алдыннан төлемде 47 миллион сумға шекем шегирме менен сатып алыў имканияты әмел етеди. Ҳәр төрт моделди банк қатнасыўысыз, тиккелей процентсиз бөлип төлеў шәртлери тийкарында сатып алыў акциясы да 31-декабрь күни жуўмақланады. Усы акция шеңберинде Chevrolet Tracker автомобилин сатып алған қарыйдарларға 22 миллион сумға шекем шегирме қолланылады. Сондай-ақ, бирге ислесиўши коммерциялық банклер арқалы 0% ставкада мүддетли төлем тийкарында сатып алыў усынысындағы Chevrolet Tracker ушын шегирме де 31-декабрьге шекем әмел етеди. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в Telegram❗3 айға газге пул төлеп беремиз! «НЕ ЖАҢАЛЫҚ?»,«XALÍQ USHÍN», «Karinform», «Karakalpak Bugin» телеграм каналлары декабрь, январь, февраль айлары ушын әўметли инсанларға газге пул төлеп бериўге қарар етти (айына 500 кубдан жәми 1500 кубқа). 👉 ТАҢЛАЎҒА ҚАТНАСЫЎ
Открыть в Telegram❗️Педагоглар ипотека субсидиясына арзаны онлайн тапсырыўы мүмкин Ҳүкимет қарарына муўапық, (ВМҚ-69-санлы, 19.02.2026 ж.) педагогларға мәмлекетлик бюджет есабынан ипотека кредити басланғыш төлеминиң 25 проценти қаплап бериледи. Арзаны онлайн тапсырыў ушын: 🔹 my.gov.uz порталы яки MyGov қосимшасына кириў; 🔹 «Педагогларға турақ жай сатып алыў ушын субсидия» хызметин таңлаў; 🔹 керекли мағлыўматларды киргизип, арзаны жибериў керек. Арза Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы да қабыл етиледи. Субсидия кеминде 15 жыл стажға ийе, жоқары маманлық категориясындағы (бас оқытыўшы лаўазымындағы), 60 жасқа шекемги педагогларға бериледи. Бунда арза бериўши ҳәм зайыбының атында еки ямаса оннан артық турақ жай болмаўы керек. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramДепутатлар мәжбүрий билимлендириўди 12 жыллық етиў ҳаққындағы нызамды қабыллады Өзбекстанда бир жыллық мектепке таярлаў басқышын мәжбүрий улыўма орта билимлендириў қурамына киргизиў режелестирилмекте. Нызамшылық палатасы бул бағдардағы нызам жойбарын қабыл етип, Сенатқа жиберди. Жаңа тәртип билимлендириўдиң мәжбүрий мүддетин 12 жылға жеткериўди нәзерде тутады. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в Telegram🔥 SARIQ HAFTA: 5 kun davomida 80% gacha chegirmalar! 26–30-noyabr kunlari Texnomart do‘konlarida KO‘Z TEGMASIN narxlar bilan SARIQ HAFTA aksiyasi bo‘lib o‘tadi. Besh kun davomida turli mahsulot toifalariga 80% gacha chegirmalar taqdim etiladi. Aksiya doirasidagi mahsulotlar assortimenti har kuni yangilanib boradi. 26-noyabr kuni aksiya doirasida quyidagi mahsulotlar taklif etiladi: • Samsung VC15K4136HB/EV changyutgichi — 2 399 000 so‘m o‘rniga 479 000 so‘m (−80%) • OPPO A3 6/128GB Sparkle Black smartfoni — 3 299 000 so‘m o‘rniga 1 319 000 so‘m (−60%) • LG 50NU900B6LA Smart televizori — 8 699 000 so‘m o‘rniga 2 999 000 so‘m (−66%) Ko‘rsatilgan narxlar faqat 26-noyabr kuni amal qiladi. Aksiya haqida batafsil 📞71-209-99-44 Telegram | Manzillar | Onlayn chat | Sayt
Открыть в TelegramӨзбекстанда 2017-жылдан берли 11 млн халық кәмбағаллықтан шығарылды 2030-жылға шекем орта класс үлесин 90 процентке, микро, киши ҳәм орта бизнестиң халықтың бәнтлигиндеги үлесин болса 80 процентке жеткериў мақсет етилген. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в TelegramДәраматыңызды сырт елден алдыңыз ба? Декларация тапсырыўды умытпаң! Өзбекстан аймағынан тысқары дереклерден дәрамат алған физикалық тәреплер жәми жыллық дәраматлары ҳаққындағы декларацияны белгиленген тәртипте усыныўы керек. Декларация my.soliq.uz порталы арқалы онлайн усынылады. Электрон хызметтен пайдаланыў тәртиби толық видеоқолланбада. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в Telegram🇪🇬Мысырда 3400 жыллық ғарғыс текстлери табылды Египеттеги Тутмос III ибадатханасы аймағынан жасы шама менен 3400 жылға тең болған, ғарғыслаў мәресимлеринде пайдаланылған папирус бөлеклери табылған. Күйген ҳәм өткир буйым менен тесилген бул фрагментлер әййемги мысырлылардың қуяш қудайы Ра душпаны есапланған Апопқа қарсы мәресимлерди әмелде орынлағанын көрсетеди. 👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Открыть в Telegram